Өзбекистан баспасөз ҳәм хабар агентлиги

«ӨЗБЕК ӘДЕБИЯТЫНЫҢ ЕҢ САЙЛАНДЫ ЖИГИРМА ШЫҒАРМАСЫ»

темасында көркем шығармаларды өзбек тилинен инглис тилине аўдарыў бойынша таңлаў – социаллық жойбарын ЖӘРИЯЛАЙДЫ

 

Елимизде китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын жетилистириў, өзбек ҳәм дүнья әдебиятының ең сайланды үлгилерин интернет тармақларына жайластырыў ҳәм оларды үгит-нәсиятлаў және кең китапқумарларға жеткериў бағдарында салмақлы жумыслар әмелге асырылмақта.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң бир қатар пәрманлары менен қарарлары бул бағдардағы жумыслардың көлемин буннан былай да кеңейтиўде ҳәм жаңа басқышқа көтериўде әҳмийетли қолланба болмақта.

Усы ҳүжжетлердиң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекистан баспасөз ҳәм хабар агентлиги дүнья цивилизациясының, мәдениятының, руўхый-ағартыўшылық дүньясының артыўына үлкен үлес қосқан уллы бабаларымыздың ҳәм заманлас жазыўшылардың шығармаларын және де кеңирек үгит-нәсиятлаў, өзбек миллий әдебияты тийкарында елимиздиң дүнья көлеминдеги абыройын буннан былай да арттырыў мақсетинде «ӨЗБЕК ӘДЕБИЯТЫНЫҢ ЕҢ САЙЛАНДЫ ЖИГИРМА ШЫҒАРМАСЫ» темасында көркем шығармаларды өзбек тилинен инглис тилине аўдарыў бойынша таңлаў – социаллық жойбарын жәриялайды.

Таңлаў шәртлери:

қатнасыўшы аўдармашының резюмеси (толық басып шығарылған аўдармаларының дизими, телефон номери, 4×6 көлемдеги үлги фотосүўрети) тапсырылыўы;

– бурын инглис тилине аўдарылып басылып шыққан аўдарма шығармаларының ҳәр биринен 5-10 бет әтирапында нусқа усынылыўы;

– егер аўдармашының инглис тилине көркем аўдармасы басып шығарылмаған болса, онда өзбек тилиндеги көркем шығармадан ықтиярлы түрде 5-10 бет инглис тилине аўдарып жибериўи шәрт.

Таңлаў 2018-жылдың март айына шекем даўам етеди. Зәрүр ҳүжжетлер 2018-жылдың 25-февралына шекем info@api.uz электрон мәнзили арқалы қабыл етиледи.

Бул таңлаўда қатнасыўшылардың жасы шекленбеген. Онда профессионал аўдармашылар менен бирге шет тиллер филологиясы қәнигелиги бойынша билим алып атырған жас талант ийелери де қатнасыўы мүмкин.

Таңлаўдың соңғы нәтийжеси:

Таңлаўдың соңғы нәтийжелерине бола, «Өзбек әдебиятының ең сайланды жигирма шығармасы» таңлаўы жеңимпазлары менен Агентлик системасындағы баспа-полиграфия дөретиўшилик үйлери тәрепинен белгиленген тәртипте шәртнамаларға қол қойылады ҳәм аўдармашылар тәрепинен өзбек тилинен инглис тилине аўдарылған шығармалар ушын қәлем ҳақы төлениўине кепиллик бериледи. Сондай-ақ, жеңимпаз аўдармашылар Өзбекистан баспасөз ҳәм хабар агентлиги жанында шөлкемлестирилетуғын «Book sun» халықаралық аўдармашылар баспа орайының ағзалығына қабыл етиледи. Жеңимпазлар туўралы мағлыўматлар ғалаба хабар қуралларында ҳәм www.api.uz сайтында жәрияланады.

 

ӨзА