Жақында пайтахтымыздағы көргизбелер сарайында Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Барлықбай Айтмуратовтың жеке көргизбеси болып өтти.

Көргизбеде бир қатар турмыслық ҳәм тарийхый мазмунға ийе графикалық композициялар, театр постановкаларына эскизлер, пейзажлар, портретлер, натюрмортлар ҳәм басқа да бир қатар живопислик картиналар орын алған.

Тарийхый мағлыўматларға, терең билим-тәжирийбеге ийе инсан болғанлығы себепли художниктиң дөретиўшилик жумыслары сәтли шыққан, деп баҳалайды көргизбеге қатнасқан қәнигелер. Буны өтмиштен саза беретуғын «Айдос баба», «Ерназар Алакөз», «Бозатаў» ҳәм басқа да шығармаларында айқын көриўге болады.

Еслетип өтемиз, Б.Айтмуратовтың жеке юбилей көргизбеси усы жылдың январь айында да И.В.Савицкий атындағы көркем-өнер музейинде шөлкемлестирилген еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги