Арал теңизиниң қурыған ултанында тәжирийбе өткерилмекте

Жақында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасының Экология қәнигелиги бойынша таяныш докторанты Махмуд Алламуратов ҳәм басқа да бир қатар илимпазлар тәрепинен Арал теңизи аймағындағы қум ҳәм топырақты қатырыўшы полимер реагентлерин санаат шығындылары тийкарында ислеп шығыў бойынша илимий жумыслар алып барылып, жақсы нәтийжелерге ерисилди.

Бул жумысларды әмелге асырыўда қоршаған орталықтың қорғалыўы ҳәм тәбийғый ресурслардан үнемли пайдаланыў мәселелери тийкарғы бағдар сыпатында белгиленди.

 

БУЛ ЖУМЫСЛАРДЫҢ ӘҲМИЙЕТИ ҲӘМ ЗӘРҮРЛИГИ

Арал теңизиниң қурып барыўы усы регионда жасайтуғын халықтың  бүгинги күндеги ең аўыр машқалаларының бири болып қалмақта. Мағлыўматларға қарағанда, теңиздиң шөлге айланыўы ҳәм шорланыўының тезлесиўи ақыбетинде соңғы жылларда 50 мың гектарға шамалас егислик майдан аўыл хожалығында пайдаланыў ушын жарамсыз болып қалды. Теңиздиң кеўип қалған орнында 5,5 миллион гектардан аслам майданды ийелейтуғын жас «Аралқум» шөлиниң пайда болыўы усы машқаланы кескинлестиретуғын және бир жағдай болып есапланады.

Аралқум қәўипли химиялық реагентлер, майда дуз ҳәм топырақ шаңлары менен қапланды. Самал ескенде зәҳәрли химиялық элементлер, дуз ҳәм топырақ шаңлары араласқан тозаң ҳаўаға көтерилип, пүткил дүнья бойлап тарқалмақта. Сонлықтан, қум ҳәм топырақты қатырыўшы, өсимликлердиң өсиўине зыян тийгизбейтуғын арнаўлы реагентлерди ислеп шығарыў заманагөй экология, қоршаған орталықты қорғаў, химия ҳәм биология илимлериниң шуғылланатуғын әҳмийетли мәселеси болып келмекте.

Бизге белгили, көплеген еллерде қумларды қатырыў, топырақтың өнимдарлығын арттырыў мақсетинде ҳәр қыйлы органикалық, химиялық қосымшалардан, қағаз ҳәм целлюлоза санааты шығындылары, гидролизленген полиакрилонитрил, лигносульфонат сыяқлы бирикпелерден пайдаланылады. Бирақ, қолланылатуғын химиялық реагентлер қымбат, оларды алыў процеси қурамалы, зәҳәрли, сондай-ақ, Арал теңизи регионының климатына шыдамсыз.

 

БУЛ ЖУМЫСЛАР ҚАШАН ҲӘМ ҚАЛАЙ БАСЛАНДЫ?

Елимиз ғәрезсизликке ерискеннен кейин Арал теңизи машқаласына үлкен әҳмийет берилип, қумды қатырыўшы, топырақтың қурамын жақсылап, оның өнимдарлығын арттырыўшы химиялық бирикпелер өндирип шығарыла басланды. Усы бағдардағы илимий изертлеўлер жоқары дәрежеде шөлкемлестирилип, айтарлықтай нәтийжелерге ерисилди. Атап айтқанда, жергиликли шийки затлар тийкарында синтезленген, қурамында азот, фосфор ҳәм басқа да микроэлементлерди сақлаған химиялық жақтан турақлы, беккем өзине тән өзгешелик пайда ететуғын полимер реагентлерди ойлап табыўға бағдарланған илимий жумыслар әмелге асырылмақта. Себеби, бүгинги күнде арзан, экологиялық жақтан қәўипсиз ҳәм санаат шығындылары тийкарында Арал теңизи регионының аўыр климатлық шараятларына шыдамлы қум ҳәм топырақты қатырыўшы химиялық реагентлер өндирисин жолға қойыў әҳмийетли мәселелердиң бири болып есапланады.

Изертлеўдиң тийкарғы мақсети – жергиликли шийки зат ҳәм санаат шығындылары тийкарында қум ҳәм топырақты қатырыўшы полимер реагентлерин ислеп шығарыў, топырақтың самал ҳәм суў эрозиясына шыдамлылығын және өнимдарлығын арттырыў болып есапланады.

  • Илимий жумыстың тийкарғы жаңалығы соннан ибарат, елимизде биринши мәрте полимер қатырыўшы-реагентлерди «Максам-Аммофос» шығындысы фосфогипс, галоид сыяқлы маномерлер, ГИПАН, лигнофосфонат тийкарында алыў технологиясы ислеп шығылды,-дейди М.Алламуратов.

Эпихлоргидрин, дихлоргидринглицерин, полиоллар ҳәм лигнофсульфонат тийкарында алынған қатырыўшы реагентлердиң қурамы, дүзилиси ҳәм физикалық-химиялық қурамлары үйренилди.

Эпихлоргидрин, дихлоргидринглицерин, полиоллар ҳәм лигнофсульфонат тийкарында алынған қатырыўшы-реагентлердиң топырақ ҳәм цемент композицияларының физикалық-механикалық өзине тән өзгешелигине тәсири анықланды.

Синтезленген полимер қатырыўшы-реагентлер менен қайта исленген қум ҳәм топырақтың физикалық-химиялық өзгешеликлери изертленди.

Жергиликли шийки зат ҳәм шығындылар тийкарында қатырыўшы реагентлерди ислеп шығарыў ҳәм қолланыў технологиясы Арал теңизи регионындағы бир неше агрофирма ҳәм тоғай хожалығы объектлерине енгизилди.

Изертлеў нәтийжелериниң әмелий әҳмийети соннан ибарат, яғный, онда ислеп шығарылған полимер қатырыўшы-реагентлер Арал теңизи регионында ушар қум ҳәм шорланған топырақ зонасында қолланылыўы нәтийжесинде топырақ өнимдарлығының артыўына, зәҳәрли қум-дуз тозаңы көтерилиўиниң азайыўына ерисилген.

Ҳәзирги күнде синтезленген полимерлерди ислеп шығарыў ҳәм әмелиятта қолланыў бойынша технологиялық регламентлер ислеп шығылды, оларды кең түрде санаат көлеминде әмелиятта қолланыў ушын Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетине, Тоғай хожалығына, сондай-ақ, бир неше агрофирмаларға усыныслар берилди. Жақсы нийетлер менен басланған бул жумыслар Арал регионындағы экологиялық, социаллық, технологиялық ҳәм экономикалық машқалалардың шешилиўине өз тәсирин тийгизеди, деп исенемиз.

 

ИЛИМПАЗ ҲАҚҚЫНДА ҚЫСҚАША МАҒЛЫЎМАТ

Илимпаз Махмуд Алламуратов

М.Алламуратов Нөкис районында туўылған. 2009-жылы Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң  Экология қәнигелиги бойынша магистратурасын табыслы тамамлап,  2010-жылдан баслап университеттиң Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасында ассистент-оқытыўшысы лаўазымында жумыс ислей баслаған.

Бүгинги күнде М.Алламуратовтың «Арал теңизи регионындағы қум ҳәм топырақты қатырыўшы полимер реагентлерди санаат шығындылары тийкарында ислеп шығыў» темасында алып барып атырған илимий излениўлери республикамызда келешеги бар жаңа полимер материаллар тийкарында қум ҳәм топырақты беккемлеўши реагентлерди алыў бойынша изертлеўлерди кеңейтиў, сондай-ақ, жергиликли шийки зат ҳәм шығындылар тийкарында, соның ишинде импорт орнын басатуғын өндиристи жергиликлилестириўди енгизиў бағдарында үлкен әҳмийетке ийе.

М.Алламуратовтың экология ҳәм  қоршаған орталықты қорғаў бағдарындағы алып барған изертлеўлери республикамыздың тоғай ҳәм айырым фермер хожалықларында әмелиятта қолланылып, өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте.

Оның санаат шығындылары тийкарында жаратылған реагентлери республикамызға шет еллерден үлкен қаржыға алып келинип атырған химиялық реагентлердиң орнын басатуғын композициялар менен алмастырыўға, аймақтағы экологиялық жағдайды жақсылаўға үлкен үлес қосады ҳәм әҳмийети үлкен.

Илимпаздың көплеген илимий мийнетлери Өзбекистан Республикасының журналларында, Россия, Австрия мәмлекетлеринде  жәрияланған.

Илимпазға ҳәм оның менен бирге изертлеў жумысларында қатнасқан И.Кәримов атындағы Ташкент мәмлекетлик техника университетиниң бир қатар илимпазларына   2017-жылы 25-августте Өзбекистан Республикасы интеллектуаллық мүлк агентлиги тәрепинен «Топырақ ҳәм қумды беккемлеў ушын полимер композиция» атамасындағы патент берилген.

Япониялы илимпазлар менен

 

Илимий изленис пайытында

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы