Жаңа жыл байрамы қарсаңында пайтахтымыздағы «Қумбыз аўыл» мәкан пуқаралар жыйынының аймағында республикамыздың бирқатар белсенди жас шаңарақларына ҳәм жаслар аўқамының районлық ҳәм қалалық кеңеслерине автомашиналар берилди.

Өзбекистан жаслар аўқамының Нөкис қалалық, Елликқала, Қоңырат, Мойнақ, Тахтакөпир, Төрткүл, Хожели ҳәм Шымбай районлық кеңеслерине «Матиз» жеңил автомашиналары, сондай-ақ, республикамыздың социаллық-сиясий турмысында белсене қатнасып атырған 48 жас шаңараққа еки ҳәм үш ханалы турақ-жайдың гилтлери салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Турақ жай алыўға миясар болған жас шаңарақлар арасында Зулфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың ийеси, Өзбекистан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының оқытыўшысы, «Дослық» ордениниң ийеси, 2017-жылы «Өзбекистан белгиси» көкирек нышаны менен сыйлықланған Қарақалпақстан халық бақсысы Гүлбәҳәр Ахымбетова да бар.

Еслетип өтемиз, Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 5-июльдеги «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм Өзбекистан жаслар аўқамының жумысын қоллап-қуўатлаў ҳаққында»ғы Пәрманының қабыл етилиўи жаслар турмысындағы әҳмийетли ўақыя болған еди.  Усы пәрманды орынлаў шеңберинде елимиздиң социаллық-сиясий турмысында белсене қатнасып атырған жас шаңарақларды буннан былай да қоллап-қуўатлаў, олардың турақ жай ҳәм турмыслық шараятларын жақсылаў мақсетинде 2018-2021-жылларға мөлшерленген Жаслар үйлерин қурыў бағдарламасы ислеп шығылған. Бул бағдарламада барлық қалаларда – көп қабатлы, елатлы пунктлерде – 1-2 қабатлы үлги жойбарлар тийкарында арзан турақ жайлар қурыў, Өзбекистан жаслар аўқамының республикалық, қалалық ҳәм районлық кеңеслериниң баслықларын хошаметлеў мақсетинде оларға «Матиз» ҳәм «Дамас» автомашиналарын сатып алыў ушын жеңиллетилген кредитлер ажыратыў нәзерде тутылған.

Өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев қатнасты.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.