Фото: Юсуп Камалов өзи жасаған дельтаплан арқалы пәрўаз етпекте

66 жастағы қарақалпақстанлы ойлап табыўшы-илимпаз Юсуп Камалов дельтаплан арқалы елимиз бойлап ҳаўада саяхат етиўди усыныс етпекте. Илимпаз, әсиресе, Арал теңизи аймағындағы әжайып көринислерди, Үстирттеги жебе тәризли сүўретлерди дельтаплан арқалы тамашалаў мақсетке муўапық, деген пикирде.

Юсуп Камаловтың өзи дельтаплан арқалы саяхат етиўди ис жүзинде әмелге асырыў мүмкин екенлигин дәлилледи. Оның пикиринше, экстремал тәсирлерден қәрежетти аямайтуғын инсанлар Мойнақтан дельтапланда ушып, Аралды жоқарыдан тамашалаўы ҳәм Үстирттиң үсти менен қайтыўы мүмкин. Мағлыўматларға қарағанда, моторлы дельтапланда еки турист биймәлел 200-300 километр аралыққа шекем ушып барып, қайта алады.

Ал, Шылпық, «Назархан» аўыл пуқаралар жыйынындағы Бестөбе сыяқлы аймақларда болса, моторсыз дельтапланнан да пайдаланыўға болады. Яғный, бийикликтен секирип, ҳаўада қалқып турыў жәрдеминде азы-кем аспанда пәрўаз етиў де мүмкин.

Ю.Камалов Өзбекистан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлиминде ислейди. Илимий бағдары самал энергетикасына қәнигелескен. Соның менен бирге, Арал теңизин ҳәм Әмиўдәрьяны қорғаў Аўқамының баслығы сыпатында аймақтағы экологиялық машқалалар менен шуғылланады. Ю.Камалов өзи ислеп шыққан 2 дельтапланында республикамыздың әтирапларын көрип шығады, атмосферадағы ҳаўа ағымларының өзгешелигин үйренеди.

Ю.Камалов: Үстирттеги усындай жебе тәризли сүўретлерди дельтаплан арқалы тамашалаў мүмкин

– Буннан 40 жыл бурын илимий изертлеўлер ушын 2 дельтаплан соғып, ушыўды үйрендим. Кейин ала және екеўин сатып алдым. Ҳәзирги ўақытта самал менен ҳәрекетленетуғын транспорт, виндсёрфинг ислеп шығарыў үстинде изленип атырман, – дейди Юсуп Камалов.

Экстремал спорт пенен шуғылланыў, атап айтқанда, дельтапланда ушыў ушын бизлерде толық имканиятлар ҳәм шараятлар бар. Арал теңизиниң үстинен ушып барып, оның әжайып көринисин тамашалаў усындай спорт ышқыпазлары ушын оғада заўықлы болар еди.

Бул өз гезегинде елимизде туризмниң раўажланыўына үлес қосқан болар еди.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.