Мойнақ районындағы «Үшсай» аўыл пуқаралар жыйынында «Топырақтағы ығаллылықты сақлаўшы полимер «Аквасорб» гелинен пайдалаланыў, от-шөплик дақылларды егиў, шөлде тоғайзарлықты ҳәм жайлаўларды жаратыў тийкарлары» темасында семинар болып өтти.

БМШ тың Раўажландырыў бағдарламасы, Бейимлесиў қоры  ҳәм Өзбекистан ҳүкиметиниң биргеликтеги «Өзбекистанның қурғақшылық районларында жайласқан фермер ҳәм дийқан хожалықларының ықлымға шыдамлылығын тәмийинлеў» жойбары шеңберинде өткерилген илажға Францияның «SNF SAS» компаниясының елимиздеги «SANAR» ўәкилханасы, мәмлекетлик  Тоғай хожалығының қәнигелери, илимпазлар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Семинар қатнасыўшыларына топырақтағы ығаллылықты сақлаўшы полимер гелинен пайдалаланыўдың әҳмийети бойынша кең түрде түсиник берилди ҳәм оның технологиясы әмелияттта сынап көрсетилди. Соның менен бирге, қурғақшылықтың алдын алыў, климаттың өзгериўи шараятында аўыл хожалығы дақылларын жетистириўде турақлылықты тәмийинлеў, шарўашылықты раўажландырыў мәселелери додаланды. Бүгинги күнниң әҳмийетли машқалаларынан бири есапланған, Арал теңизиниң ултанындағы көшпели қумларды иркиў, ландшафт дәрежесинде топырақты дегредациядан қорғаў, ондағы ығаллылықты сақлаў, суў ресурсларын үнемлеў жумысларына жергиликли халықтың қатнасын шөлкемлестириў, жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтилди.

Семинар қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Усы темадағы илаж Шымбай районындағы «Көк суў» аўыл пуқаралар жыйынында да болып өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.