Ибраҳим Ғафуровқа

Ҳүрметли Ибраҳим Усмонович!

Бәринен бурын, Сизди кәмиллик ҳәм данышпанлық пасылы – теберик 80 жасыңыз бенен шын жүректен қутлықлайман.

Ел-журтымыз Сизди бийтәкирар таланты ҳәм нәтийжели дөретиўшилиги менен жәмийетимиздиң руўхый ҳәм социаллық жақтан раўажланыўына мүнәсип үлес қосып киятырған белгили ағартыўшы жазыўшы, көрнекли илимпаз, белсенди жәмийетлик ғайраткер сыпатында жақсы биледи ҳәм жоқары қәдирлейди.

Сизиң жигирмаланшы әсир өзбек әдебиятында өшпес из қалдырған уллы сөз шеберлериниң қыйын ҳәм ибратлы өмири менен дөретиўшилик жолына бағышланған терең әдебий изертлеўлериңиз, «Гўззалликнинг олмос қирралары», «Жозиба», «Ёнар сўз», «Ям-яшил дарахт», «Ҳаё-халоскор», «Мангу латофат» сыяқлы оқыўшылардың жүрегинен терең орын ийелеген китап ҳәм қолланбаларыңыз өзбек әдебияттаныўшылығы ҳәм критикасының жарқын бетлерин қурайды.

Ҳәзирги ўақытта әдебият ықласбентлери Сизди көркем аўдарма тараўында өзине тән мектеп жаратқан, миллий әдебиятымыздың ғәзийнесин байытыўға үлкен үлес қосқан кишипейил ҳәм шебер дилмаш сыпатында тән алады.

Өзбек китап қумары Сизиң жемисли изленислериңиз нәтийжесинде жәҳән әдебиятының классикалық үлгилерин, соның ишинде, Лев Толстой, Ги де Мопассан, Фёдор Достоевский, Жеймс Жойс, Эрнест Хемингуэй, Фридрих Ницше, Габриэл Гарсиа Маркес, Шынғыс Айтматов сыяқлы бийтәкирар дөретиўшилердиң шығармаларын өз ана тилинде оқыўға миясар болды.

Жоқары маманлықтағы баспа хызметкери ҳәм сезгир публицист сыпатындағы Сизиң пидәкерлик хызметлериңиз елимизде баспа-полиграфия тараўын ҳәм миллий журналистикамызды раўажландырыўға үлкен үлес болып қосылғанын айрықша атап өтиў керек.

Бәрқулла жаңалыққа умтылып жасайтуғын, жанкүйер ҳәм меҳрийбан устаз сыпатында көп жыллар даўамында Өзбекистан Миллий университети және Өзбекистан мәмлекетлик жәҳән тиллери университетинде жасларға сабақ берип, көплеген талантлы шәкиртлерди тәрбиялағаныңыз ҳәр тәреплеме мақтаўға ылайық.

Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң дәслепки жылларынан баслап Сиз Олий Мажлис депутаты, «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының басшысы сыпатында демократиялық реформаларды турмысқа енгизиў, атап айтқанда, миллий нызамшылығымыз тийкарларын беккемлеў ҳәм ғалаба хабар қуралларын раўажландырыў бағдарында белсендилик көрсеттиңиз.

Сизиң елимиздиң ҳәм жәмийетимиздиң раўажланыўы жолында алып барған көп жыллық жемисли мийнетлериңиз мәмлекетимиз тәрепинен мүнәсип баҳаланып, «Дослық», «Меҳнат шуҳрати» орденлери және «Өзбекистан Республикасы көркем өнер ғайраткери» ҳүрметли атағы менен сыйлықланғаныңыз барлық әдебият ықласбентлерин әлбетте қуўандырады.

Ўатанға ҳәм миллетке, сөз өнерине садықлық ҳаққында сөз болғанда, жәмийетшилигимиз, халқымыз, биринши гезекте өз кәсибиниң шебери ҳәм пидайысы болған Сиз сыяқлы озық ойлы зыялыларымыздың исмлерин ҳүрмет пенен тилге алатуғыны тәбийғый.

Елимизде руўхый-ағартыўшылық процесслер жаңа, жоқары басқышқа көтерилип, шешиўши күшке айланып атырған бүгинги күнде Сиз сыяқлы терең билимге ҳәм турмыслық тәжирийбеге, белсенди социаллық позицияға ийе, қәлби, ҳүжданы ояў заманласларымыздың турмыстағы орны ҳәм тәсири барған сайын артпақта. Сизиң мине усындай уллы ҳәм теберик жаста да белсенди ҳәм йошлы дөретиўшилик пенен шуғылланып атырғаныңыз бәршемиз, бәринен бурын, жас талант ийелери ушын жоқары өрнек  үлгиси болып табылады.

Дөретиўшилик ҳәм илҳам заўқы Сизди ҳеш қашан тәрк етпесинӘ

Сизге беккем денсаўлық, шаңарағыңызға бахыт, жаңадан-жаңа шығармалар қуўанышы бәрқулла яр болыўын тилеймен.

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекистан Республикасы Президенти