Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 2017-жыл 25-декабрь күни елимиздиң экспорт потенциалын арттырыў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өти.

 Онда Президенттиң Мәмлекетлик кеңесгөйлери, Бас министр ҳәм оның орынбасарлары, тийисли министрликлер менен ведомстволардың, хожалық бирлеспелериниң басшылары қатнасты. Сондай-ақ, видеоконференция байланысы арқалы Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы басшылары, жергиликли ҳәкимликлер, министрликлер менен ведомстволардың аймақлық структуралары, экспорт етиўши кәрханалар менен фермер хожалықларының басшылары қатнасты.

Мәжилисте 2017-жылдың жуўмағы бойынша болжаў көрсеткишлериниң толық орынланыўын тәмийинлеў, миллий өнимлер экспорты географиясын кеңейтиў, киши исбилерменлик ҳәм жеке исбилерменлик субъектлериниң экспорт тараўындағы жумысын қоллап-қуўатлаў және аўыл хожалығын ҳәм санаат өнимлерин сыртқы базарларға бағдарлаў бойынша көрилип атырған илажлар додаланды.

Мәмлекетимиз басшысы экономиканың турақлы ҳәм жедел өсиў пәтлерин сақлап қалыўдың ең әҳмийетли факторларынан бири ол елимиздиң экспорт потенциалын көтериў ҳәм миллий өнимлердиң сыртқы базардағы бәсекиге шыдамлылығын арттырыў екенин атап өтти.

Елимиздиң экономикалық сиясатында реал емес санлардың изинен қуўыў, әмелде нәтийже бермейтуғын режелер туўралы бәлентпәрўаз сөзлерди келтириўдей намақул жумыс усылы сынға алынды.

Белгили бир нәтийжеге ерисиўди нийет еткен ҳалда жумыс алып барыўды шөлкемлестириў бойынша әмелге асырылған илажлар нәтийжесинде 2017-жылы экономикалық өсим 5,5 процентти қурады, экспорт көлеми дерлик 15 процентке көбейди. 2018-жылы экспортттың улыўма қаржы баҳасы 12,1 миллиард АҚШ долларына тең болыўы күтилмекте.

Мәжилисте соңғы бир жылда исбилерменлердиң экспорт тараўындағы  жумысын қоллап-қуўатлаў мақсетинде өнимлерди алдын ала төлем тийкарында экспорт етиў, валюта түсимлерин мәжбүрий сатыў, ҳәзирги күнниң талабына жуўап бермейтуғын, артықша руқсатнамаларды бийкар етиў және экспорт жумысында салық жеңилликлерин қолланыўды кеңейтиўге байланыслы бир қатар пәрманлар менен қарарлар қабыл етилгени атап өтилди.

Соның менен бирге, Өзбекистан Республикасы Президентиниң парламентке Мүрәжатында белгиленгениндей,  2018-жылы экспорт саласында әмелге асырылыўы зәрүр болған тийкарғы ўазыйпаларға және бир мәрте тоқтап өтилди. Яғный, Орайлық Азия еллери ҳәм ири шериклеримиз – Қытай, Россия, Қубла Корея, АҚШ, Түркия ҳәм басқа да еллерге әмелге асырылған жоқары дәрежедеги сапар етиўлер даўамында ерисилген келисимлерди орынлаў бойынша қабыл етилген «жол карталары» өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў зәрүр. Исбилерменлик субъектлерин бажыхана  тексериўинен өткериўде қәўип-қәтерден ескертиў системасын енгизиў, бажыхана уйымлары тәрепинен берилетуғын артықша ҳәм заман талабына жуўап бермейтуғын лицензиялар менен руқсатнамаларды бийкар етиў зәрүр. Мийўе-овощ өнимлери экспортының көлемин жылына 10 миллиард долларға жеткериў бойынша стратегия ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў мақсетке муўапық.

Мәжилисте Министрлер Кабинети комплекслери, министрликлер менен ведомстволар, хожалық бирлеспелери ҳәм аймақлар басшыларының есаплары тыңланды ҳәм додаланды. Айырым тармақлар менен аймақлардың басшыларында жуўапкершилик, талапшаңлық ҳәм инталылық жетиспей атырғаны, экспорт бағдарламасын орынлаўда төмен дәрежеге жол қойылып атырғаны сынға алынды.

Мәмлекетимиз басшысы тийисли адамларға елимиздиң экспорт потенциалын арттырыў, экспорт географиясын ҳәм номенклатурасын кеңейтиў, эспортшы кәрханаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, жаңа исбилерменлик субъектлерин экспорт жумысына тартыў бойынша анық тапсырмалар берди.

ӨзА