Усы жылдың 28-31-октябрь күнлери Қазақстан Республикасының Алматы қаласында болып өткен «BRAVISSIMO»  атамасындағы 3-халықаралық фестивалының жеңимпазы, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының музыкалық тәлим бағдарының  3-курс студенти, жас жыраў Зинатдин Нуратдинов усы жылы Хорезм ўәлаятында жоқары оқыў орынлары арасында өткерилген «Жас китапқумарлар» республикалық таңлаўының аймақлық басқышында «Шығармаларынан дөрелген намалар» номинациясы бойынша жеңимпаз болып, 1-дәрежели диплом менен сыйлықланған еди.

19-декабрь күни Ташкент қаласында усы таңлаўдың республикалық басқышы өткерилди. З.Нуратдинов таңлаўда

«Алпамыс» дәстанын атқарып, жоқарыда аталған номинация бойынша 1-орын жеңимпазы болып қайтты.

Биз жас жыраўды қолға киргизген жетискенлиги менен қутлықлаймыз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги