МӘЛИМЛЕМЕ

2017-жыл 21-декабрь күни Ташкент қаласында Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он үшинши жалпы мәжилиси өз жумысын даўам етти.

Сенаторлар Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 9-октябрьдеги «Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў, аўыл хожалығы егислик жерлеринен нәтийжели пайдаланыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен Олий Мажлис Сенатына киргизилген 2018-жылы фермер хожалықларын басқышпа-басқыш көп тармақлы фермер хожвалықларына айландырыў бойынша Бағдарлама ҳаққындағы мәселени көрип шықты.

Атап өтилгениндей, усы бағдарлама Өзбекистан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси тәрепинен Өзбекистан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги, Орайлық банк, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм районлар ҳәкимликлери менен биргеликте Өзбекистан Республикасы Президентиниң жоқарыда атап өтилген пәрманында және 2017-жыл 10-октябрьдеги «Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери жумысын буннан былай да раўажландырыў бойынша шөлкемлестириўшилик илажлар ҳаққында»ғы қарарында қойылған ўазыйпалардан келип шыққан ҳалда ислеп шығылған. Аймақлық бағдарламалар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм халық депутатлары ўәлаят Кеңеслери тәрепинен тастыйықланған.

Көп тармақлы фермер хожалықларын шөлкемлестириў ҳәм раўажландырыў бойынша 2018-жылға мөлшерленген аймақлық бағдарламаларға муўапық елимиздиң 21 634 фермер хожалығында көп тармақлы жумысты жолға қойыў бойынша 22986 жойбар әмелге асырылады. Атап айтқанда, көп тармақлы фермер хожалықлары тәрепинен 7,4 мың гектар майданда интенсив бағлар, 4,3 мың гектар майданда жаңа жүзимзарлықлар ҳәм 844 гектар майданда ыссыханалар жаратылады.

Сондай-ақ, 520 фермер хожалығында мийўе-овощ, гөш-сүт өнимлерин қайта ислеўди жолға қойыў, 785 фермер хожалығында ун өнимлерин ислеп шығарыўды баслаў, 370 фермер хожалығында рефрижератор қоймаханалар қурыў, 3,9 мың фермер хожалығында шарўашылық пенен қусшылықты, 2,3 мың фермер хожалығында балықшылық пенен пал ҳәррешиликти, 2,1 фермер хожалығында қой, ешки ҳәм қоян өсириўди, 171 фермер хожалығында жылқы менен түйе қус (страус) өсириўди жолға қойыў бойынша жойбарларды, сондай-ақ, 6732 фермер хожалығында сервис хызметлерин шөлкемлестириў бойынша 8 мың жойбарды әмелге асырыў режелестирилген.

2018-жыл ушын тастыйықланған жойбарларды әмелге асырыў ушын республика бойынша 1603 миллиард сум қаржы жумсалыўы белгиленген. Соннан 608,8 миллиард сумы коммерциялық банклердиң кредитлери есабынан әмелге асырылады. Ең тийкарғысы, аўыллық жерлерде 83567 жаңа жумыс орны жаратылыўы күтилмекте.

Сенаторлар 2018-жылы фермер хожалықларын басқышпа-басқыш көп тармақлы фермер хожалықларына айландырыў бойынша бағдарламаны мақуллады ҳәм усы тараўдағы тийкарғы ўазыйпаларды өз ўақтында сапалы орынлаў бойынша системалы жумысларды буннан былай да күшейтиў зәрүрлигин атап өтти.

Буннан соң сенаторлар жалпы мәжилис күн тәртибиндеги гезектеги мәселени көрип шығыўға киристи. Сенаторлар Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министриниң ишки ислер уйымларының жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы тараўындағы жумысы ҳаққындағы мәлимлемени тыңлады.

Бүгинги күнде елимизде халықтың тыныш ҳәм татыў турмыста жасаўын тәмийинлеў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, жынаятшылыққа қарсы гүресиўге байланыслы бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Ишки ислер уйымлары жумысының ҳуқықый тийкарларын беккемлеў, ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң социаллық қорғалаўын буннан былай да күшейтиў мақсетинде өткен дәўир даўамында 2 нызам, Президенттииң 22 қарары, Министрлер Кабинетиниң 30 қарары ҳәм басқа да бир қатар ҳүжжетлер қабыл етилди. Сондай-ақ, ишки ислер уйымларының халыққа жақынлығын тәмийинлеў ҳәм ишки ислер уйымлары (бөлимлери) басқармаларынан алыста жайласқан елатлы пунктлерде пуқараларға қодайлықлар жаратып бериў мақсетинде ишки ислердиң қосымша түрде 175 қалалық бөлими (бөлимшеси) ҳәм 824 милиция таяныш пункти шөлкемлестирилди.

Өткен дәўирде ишки ислер уйымларында ҳәкимликлер, прокуратура ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери менен биргеликте ҳәр бир мәҳәлледеги жумыслар ҳуқықбузарлықлар ҳәм жынаятлардың ерте алдын алыў, унамсыз ис-ҳәрекетлерди ислеў ушын шараят жарататуғын факторларды сапластырыў бойынша илимий тийкарланған «ҳәрекетлер формуласы» тийкарында шөлкемлестирилди.

Ишки ислер уйымларының төменги буўынларын күшейтиўге, ҳәкимшилик-аймақлық бирликлер шеңберинде дүзилип, жумыс ислеп атырған секторларда жумысларды нәтийжели шөлкемлестириўге, адамларды тәшўишке салып атырған машқалаларды шешиўге ҳәм ҳуқық-үгит-нәсиятлаўды беккемлеўге жәмийетшиликке кеңнен тартыў арқалы халықтың исенимин ақлаўға қаратылған илажлар нәтийжесинде республика аймағында жынаятлардың сезилерли дәрежеде азайыўына ерисилди.

Ишки ислер уйымлары системасын түп-тийкарынан реформалаў бойынша әмелге асырылып атырған илажларға қарамай, айырым басшы кадрлар өткерилип атырған реформалардың мазмун-мәнисин толық аңлап жетпей, жумысларды ескише алып бармақта. Нәтийжеде бир қанша регионларда аўыр ҳәм оғада аўыр жынаятлар, сондай-ақ, излеўде болған шахслардың саны артпақта.

Додалаў ўақтында сенаторлар себепсиз сабақ қалдырып атырған оқыўшыларды ҳәм тәрбиясы аўыр жас өспиримлерди анықлаў, оларға тиккелей мектеп, колледж, лицей ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларында билимлендириў мәкемелери оқытыўшылары, ата-аналар қатнасыўында тәсиршең тәрбиялық ҳәм профилактика жумысларын шөлкемлестириў ушын профилактика инспекторларының жеке жуўапкершилигин арттырыў зәрүрлигине айрықша итибар қаратты.

Сондай-ақ, пуқаралар тәрепинен орынлардағы ишки ислер уйымларына мүрәжатларда көтерилип атырған машқалаларды өз ўақтында шешиўге де итибар қаратыў зәрүр.

Додалаў даўамында сенаторлар тәрепинен ишки ислер уйымлары жумысының нәтийжелилигин бунннан былай да арттырыўға қаратылған анық пикир-усыныслар билдирилди. Атап айтқанда, профилактика инспекторларына жаратылған қолайлы материаллық-турмыслық шараятларды сақлап қалыў, хызметти нәтийжели әмелге асырыў ушын  оларға кең имканиятлар менен шараятлар жаратып бериў, соның ишинде, оларға хызметти өтеў аймақларында хызмет жайларын ажыратыў ҳәм жеңилликли кредит тийкарында автомашина сатып алыў имканиятын бериў бағдарында ҳүкимет тәрепинен көрилип атырған жумысларды буннан былай да күшейтиў зәрүрлиги атап өтилди. Тараўда әмелге асырылып атырған усы ҳәм басқа да бир қатар илажлар профилактика инспекторларының нәтийжели хызмет көрсетиўи ушын әҳмийетли фактор болып табылады.

Додалаў жуўмақлары бойынша Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Соңынан сенаторлар тәрепинен Өзбекистан Республикасы Сыртқы ислер министрлигиниң миллий нызам ҳүжжетлери талапларын ҳәм  2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясынан келип шығатуғын ўазыйпаларды орынлаў бағдарындағы жумысы ҳаққындағы мәлимлемеси тыңланды ҳәм додаланды.

Атап өтилгениндей, қысқа ўақыт ишинде Өзбекистан сыртқы сиясий жумысында үлкен жумыслар әмелге асырылды. Өзбекистан тәрепинен шет мәмлекетлер менен, биринши гезекте, қоңсы еллер менен алып барылып атырған ашық-айдын, әмелий, өз-ара пайдалы сыртқы сиясат пүткил Орайлық Азия регионы ушын үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.Қоңсы еллер менен қатнасықларда улыўма жаңа сиясий орталықты орнатыўға, сиясий исеним дәрежесин буннан былай да арттырыўға және бирге ислесиўдиң көп ғана тараўларында жоқары нәтийжелерге ерисилди.

Өзбекистан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёев басшылығында қоңсы еллер менен мәмлекетлик шегараларды делмитациялаў ҳәм демаркациялаў және суў-энергетика машқалаларын шешиў бағдарында сөйлесиўлер процеси әдеўир дәрежеге артты.

Бүгинги күнде сыртқы сиясат шет мәмлекетлер менен саўда-экономикалық, инвестицияық бирге ислесиў ҳәм туризмди раўажландырыў бойынша анық ўазыйпаларды шешиўге қаратылған.

Атап өтиў орынлы, есабат дәўиринде мәмлекетимиздиң сыртқы сиясий ҳәм сыртқы экономикалық белсендилиги сезилерли дәрежеде асты. Соннан, жыл даўамында жоқары дәрежеде ғғ өз-ара сапар етиўлер әмелге асырылды, ү0 тан зыят мәмлекетлик ҳәм халықаралық структуралар басшылары менен ушырасыўлар өткерилди. ң00 ге жақын ҳүжжет, соннан, әә0 халықаралық шәртнама – ғә и мәмлекетлераралық, ңҳ и ҳүкиметлераралық ҳәм ңә и ведомстволараралық ҳүжжет, сондай-ақ, мәкемелер ҳәм регионлар арасында үә ҳүжжетке қол қойылды. Мәмлекетимиз басшысының ҚХР, РФ, Түркия, АҚШ, Қубла Кореяға еткен сапарлары тарийхый әҳмийетке ийе. Хожалық жүргизиўши субъектлер менен саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық тараўларда ү0 миллиард АҚШ долларылық ғ00 ден аслам шәртнама ҳәм питимлер дүзилди.

Еки тәреплеме келисиўлерди сөзсиз әмелге асырыў ушын саўда-экономикалық, инвестициялық, технологиялық, қаржы-техникалық, транспорт-коммуникация ҳәм мәдений гуманитар бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша ңә “жол картасы” тастыйықланды.

Өзбекистанның сырт еллер менен улыўма товар айланысы усы жылдың өткен ә0 айы даўамында әү,ү процентке асты ҳәм ғғ миллиард АҚШ долларынан асламды қурады. Орайлық Азия еллери менен саўда-сатық байланыслары  бағдарында унамлы өзгерислер байқалмақта.

Халықаралық шөлкемлер (БМШ, ШБШ, ҒМДА, ИБШ) менен сөйлесиў буннан былай да нәтийжели кешпекте. Өзбекистан бир қатар халықаралық структуралар менен байланысларды тикледи. Олардың имканиятларынан пайдаланып, Өзбекистан жаңа басламаларды алға сүрди ҳәм олар жәҳән жәмийетшилиги тәрепинен кең мақулланып, қоллап-қуўатланды.

Соның менен бирге, министрлик хызметинде айырым машқала ҳәм кемшиликлер атап өтилип, оларды шешиў ҳәм искерлигин буннан былай да жетилистириўге қаратылған зәрүр илажлар көрилиўи талап етилмекте. Соның ишинде, өткерилип атырған халықаралық илажларды анық мазмун менен еле де байытыў, олардың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм ерисилген келисиўлердиң орынланыўы үстинен мониторингти күшейтиў бағдарындағы жумысларды жанландырыў зәрүр.

Сенаторлар тәрепинен Өзбекистан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги хызметин буннан былай да жетилистириўге ҳәм есабатты еситиў ўақтында көрсетилген кемшиликлерди сапластырыўға қаратылған усыныс ҳәм пикирлер билдирилди.

Талқылаў жуўмағы менен Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Соң сенаторлар мәмлекетлик зәрүрлик ушын аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўши фермер хожалықларының тәмийнатшы, хызмет көрсетиўши ҳәмде басқа шөлкемлер алдындағы қарыздарлығын келтирип шығарыўшы себеплер ҳаққында Өзбекистан Республикасы Бас министри орынбасары – аўыл ҳәм суў хожалығы министри З.Т.Мирзаевқа жиберилген парламент сораўына жуўапты тыңлады. Сенаторлар атап өткениндей, парламент сораўында көтерилген мәселелерди шешиў мақсетинде Министрлер Кабинетинде министрлик ҳәм ведомстволар басшылары қурамында жумысшы топар дүзилди. Машқаланы үйрениў ҳәм анализлеў нәтийжелерине көре жумысшы топар тәрепинен ис-илажлар бағдарламасы тастыйықланып, оған муўапық тийисли жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, ғ0әў-жылғы пахта зүрәәти шийкизатының сатып алыў баҳасы ғ0әү-жылдағыға қарағанда өү процентке арттырылды. Министрлер Кабинети жанындағы Аўыл хожалығы өнимлериниң мәмлекетлик сатып алыныўы ҳәм аўыл хожалығын техника менен үскенелениўин мақсетли қаржыландырыў қоры шөлкемлестирилди. Усы Қор тәрепинен ғ0әў-жыл зүрәәти ушын фермер хожалықларының ғәрежетлерин қаржыландырыў мақсетинде ғ триллион 90ө миллион сум яки ғ0әү-жылға қарағанда әқғ процент муғдарында жеңилликли кредитлер ажыратылды.

Соңынан сенаторлар Өзбекистан Республикасы Жоқарғы суды қурамына өзгерислер киргизиў ҳаққындағы, Өзбекистан Республикасының Грузиядағы Айрықша ҳәм тең ҳуқықлы елшиси лаўазымына тайынлаў ҳаққындағы, Өзбекистан Республикасының Япониядағы Айрықша ҳәм тең ҳуқықлы лаўазымына тайынлаў ҳаққындағы мәселелерди және Сенат ўәкиллигине киретуғын басқа да бир қатар мәселелерди көрип шықты.

Он үшинши жалпы мәжилиси даўамында 26 мәселе, соның ишинде, елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилигин арттырыў, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў, 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўға қаратылған 15 нызам көрип шығылды. Атап өтилгениндей, сенаторлар тәрепинен қабыл етилген қарарлар халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиўдиң, елимиздиң әтирапында қәўипсизлик орталығын жаратыў, пуқаралардың ҳуқықларын, еркинликлери менен нызамлы мәплериниң кепилликлерин буннан былай да беккемлеўдиң, елимизде турақлылық пенен абаданлықты тәмийинлеўдиң әҳмийетли факторы болып хызмет етеди.

Усының менен Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он үшинши жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.

Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси

Сенатының Мәлимлеме хызмети