Қоңырат районы ҳәкимлигинде «Қарақалпақстан» посёлка пуқаралар жыйынына Президентимиз саўғасы-«Нексия» автомашинасын тапсырыў салтанаты болып өтти.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Өзбекистан «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды баслығы Ш.Мавлонов, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы кеңесиниң баслығы Т.Романов шығып сөйлеп, ҳүрметли Президентимиз басшылығында елимизде мәҳәлле институтының абыройын арттырыў, оның жәмийеттеги орнын ҳәм ролин буннан былай да күшейтиў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Мәҳәлле институтын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм пуқаралық жәмийети институтлары менен өз-ара бирге ислесиўин буннан былай да беккемлеўде айрықша әҳмийетке ийе болды. Бул мәҳәллелердиң орынларда халықтың шын мәнисиндеги мәсләҳәтшисине ҳәм жәрдемшисине айланыўына, жәмийетимизде өз-ара ҳүрмет, мийрим-шәпәәт ҳәм аўызбиршилик орталығын қәлиплестириўге, миллий ҳәм улыўмаинсанийлық қәдриятларды қәстерлеп сақлаў және раўажландырыўға, жасларды мәнаўий бай ҳәм физикалық жақтан саламат етип тәрбиялаўға хызмет етеди.

-Ҳүрметли Шавкат Мирзиёевтың республикамыздың пайтахты Нөкис қаласынан 450, район орайынан 350 километр узақта жасап, мийнет етип атырған атырған халқымызға болған жоқары ҳүрмети ҳәм итибары ушын шексиз миннетдаршылық билдиремен,-дейди посёлка пуқаралар жыйынының баслығы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы, «Шуҳрат» медалының ийеси Қутлы Қошимбетова.- Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың республикамыз белсендилери менен өткерген ушырасыўда сәўбетлесиў бахтына миямар болдым ҳәм бизиң мийнетимизди ылайықлы баҳалап, -«Нексия» автомашинасы менен сыйлықлады.

Аймағымызда 780 хожалықта сегиз миллеттиң ўәкиллеринен ибарат 3200 ден аслам халық беккем аўызбиршиликте жасап атыр. Турғынларымыздың ул-қызлары еки улыўма билим бериў мектеби, еки мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси, Қоңырат нефьт ҳәм газ санаты кәсип-өнер колледжиниң филиалында тәлим-тәрбия алып атырған болса, аўыллық шыпакерлик пункти, темиржолшылардың амбулаториясы халқымыздың денсаўлығын сақлаўға хызмет етпекте. Аймағымызда  жаңа турақ турақ жайлар, балалар майданшалары қурылып, дийқан базары, бир қатар саўда ҳәм жәмийетлик аўқатланыў орынлары, халыққа хызмет көрсетиў шақапшалары жумыс алып бармақта.  Республикамыз басшылары, район ҳәкимлиги,  жәмийетлик шөлкемлер менен биргеликтеги илажлар нәтийжесинде аймағымызда бирде-бир аўыр жынаят жүз бермеди. Соның менен бирге, кем тәмийинленген ҳәм сәтсиз шаңарақ жоқ, десем болады. Ең баслысы, халқымыздың турмыс шараятлары жылдан-жылға жақсыланып, келешекке деген исеними артып бармақта.

Ҳақыйқатында да, ең узақ аймақтағы посёлка пуқаралар жыйынына болған итибар Президентимиздиң усы жыл январь айында республикамызға сапары ўақтындағы, «Буннан соң ҳәр бир районға ҳәм қалаға, керек болса, ең шетки аўыллар менен елатлы пунктлерге шекем кирип барамыз. Ол жерде жасап атырған адамлардың дәртин тыңлаймыз, машқалаларын шешиўге қаратылған бағдарламалар ислеп шығамыз ҳәм оның орынланыўын қатаң түрде қадағалаўға аламыз», деген пикириниң ҳақыйқый көриниси болды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы С.Турманов қатнасты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.