Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың басшылығында 2017-жыл  12-декабрь күни елимиздиң медицина саласындағы әҳмийетли мәселелерди додалаўға бағышланған мәжилис болып өтти.

Бүгин ўатанласларымыз барлық салаларда алып барылып атырған реформалардың нәтийжелерин, атап айтқанда, халық ушын мүнәсип турмыс дәрежесиниң сапасы түп-тийкарынан жақсыланып атырғанын өзлериниң күнделикли турмыслары мысалында көрмекте.

Өйткени, пуқаралардың бахытлы, абадан турмысына кепиллик бериў, ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы бағдары болып есапланады.

Халықтың денсаўлығын қорғаўды буннан былай да жақсылаў, халқымызды медицина саласының жумысынан разы етиў –  бәршемиздиң ең әҳмийетли ўазыйпамыз болып есапланады, деди мәмлекетимиз басшысы.

Елимизде денсаўлықты сақлаў саласында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Президентимиздиң бул тараўды раўажландырыўға, оны түп-тийкарынан реформалаўға қаратылған бир қатар пәрман ҳәм қарарлары қабыл етилди. Бул бағдарда бирлемши медицина хызмети, қыстаўлы ҳәм тез медициналық жәрдем, қәнигелестирилген медициналық хызмет, жеке меншик медицина, халықтың репродуктивлик саламатлығын сақлаў сыяқлы бағдарлар әҳмийетли ўазыйпа етип белгиленген.

2016-жыл менен салыстырғанда өзгерислер айқын көзге тасланады. Быйыл шаңарақлық поликлиникалар 793 ке көбейди. Күни-түни жумыс алып баратуғын 793 аўыллық шаңарақлық поликлиника шөлкемлестирилип, оларда тез медициналық жәрдем шақапшасы және күндизги стационарлар ашылды. Туберкулёз бенен кеселлениў кескин азайды. Республикалық қәнигелестирилген медицина орайларының қәнигелери аймақларға 2407 мәрте шықты, 2016-жылы бул сан 500 ден асқан еди. Өткен жылы олардың хызметинен 30 мың адам пайдаланған болса, быйыл бул көрсеткиш 220 мыңға жетти. 100 ге шамалас өзбекистанлы тәжирийбели шыпакер шет елден елимизге қайтып, халқымызға хызмет етпекте.

Медициналық-социаллық жәрдем көрсетиўге айрықша итибар берилмекте. Мүтәж пуқараларды реабилитациялық техникалық қураллар менен тәмийинлеў 90 процентке арттырылды. Майыплар арбашалары, еситиў қурылмалары сыяқлы буйымлар менен тәмийинлеў еки есе артты. Медициналық-социаллық мәкемелерди қурыў ҳәм реконструкциялаў ушын 49,3 миллиард сум, яғный  2 есе көп қаржы ажыратылды.

Тараў ушын кадрлар таярлаў көлеми кеңеймекте. Жоқары мағлыўматлы шыпакерлер таярлаў ушын қабыллаў квоталарының саны 3445 ке жеткерилди, соннан 1180 и мақсетли аймақлық квота болып табылады. Клиникалық ординатурада таярлаў бойынша да квоталар көбейтилди.

Медицинада жеке меншик секторды раўажландырыў бойынша көрилген илажлар нәтийжесинде қәнигелик түрлери 50 ден 126ға көбейди, салық ҳәм бажыхана жеңилликлери 2022-жылға шекем создырылды, «Асакабанк» жанында Мәмлекетлик емес медицина мәкемелерин раўажландырыў қоры шөлкемлестирилди, жеке меншик медицина мәкемелериниң саны 400 ге көбейди. Соның менен бирге,  мәмлекетке қараслы ҳәм жекеменшик медицина мәкемелери арасында саламат бәсеки орталығы қәлиплести.

Мәмлекетлик медицина шөлкемлерине дәри қураллары ҳәм медициналық буйымлар сатып алыў ушын ажыратылған қаржы муғдары 821 миллиард сумды қурады. Бул 2016-жылға салыстырғанда 3,5 есеге көп.

Соның менен бирге, тараўға тартылып атырған шет елли инвестициялардың муғдары артып бармақта. 2016-жылы 40,2 миллион доллар өзлестирилген болса, быйыл бул көрсеткиш 93,5 миллионға жетти.

Бирақ, еле тараўда әмелге асырыў зәрүр болған жумыслар көп.

Шавкат Мирзиёев денсаўлықты сақлаў системасындағы машқалалар менен кемшиликлерди аймақлар кесиминде талқылап, орынлардағы медицина мәкемелериниң кадрлар тәмийнаты ҳәм потенциалы жеткиликли емеслиги, яғный бүгинги күнде елимизде 11 мыңнан аслам шыпакер жетиспеўи себепли жаңадан шөлкемлестирилип атырған медицина мәкемелери тәрепинен халыққа сапалы медициналық сапалы жәрдем көрсете алынбай атырғаны, буның себеплери, ақыбети ҳәм шешимлерине айрықша итибар қаратты.

Сондай-ақ, медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасы төменлиги, аўыллық шыпакерлик поликлиникаларда зәрүр болған тез медициналық жәрдем шақапшалары ҳәм дәриханалар шөлкемлестирилмегени, жеке меншик медицина системасын раўажландырыўда исбилерменлердиң жумысына тосқынлық болып атырған басшылардың жумысы сынға алынды.

Қәнигелестирилген медициналық жәрдем системасының жумысын буннан былай да жетилистириў ҳаққында пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилгенине қарамастан, республикалық қәнигелестирилген орайлардың аймақлардағы жумысы талап дәрежесинде шөлкемлестирилмей атырғанына айрықша итибар қаратылды.

Республикалық қәнигелестирилген педиатрия, хирургия, урология, көз микрохирургиясы, кардиология, дерматовенерология, эндокринология, нейрохирургия сыяқлы илимий-әмелий медицина орайларының жумысында жол қойылып атырған кемшиликлер, атап айтқанда, жергиликли қәнигелерди таярлаў, олардың маманлығын арттырыў жумыслары жеткиликли емеслиги, орынларда заманагөй диагностика менен емлеў усыллары төмен енгизилип атырғаны, кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм емлеў және халықтың арасында профилактика жумыслары талап дәрежесинде шөлкемлестирилмей атырғаны додаланып, жуўапкер басшылардың есаплары тыңланды.

Мәжилисте көрип шығылған мәселелер бойынша атап өтилген кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде 2018-жылдың биринши ярымында әмелге асырылыўы зәрүр болған бир қатар стратегиялық ўазыйпалар белгилеп берилди.

Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасы денсаўлықты сақлаў саласында әмелге асырылып атырған реформаларды турақлы қадағалаў ҳәм мониторингин жүргизиў мақсетинде алты айлық жумыс режесин ислеп шығыў ҳәм оның қатаң орынланыўын тәмийинлеў лазымлығына итибар қаратылды. Сондай-ақ, бир ҳәпте мүддетте ҳәр бир аймақ бойынша басшы хызметкерлерден ибарат турақлы ислейтуғын жумысшы топарды дүзиў ҳәм олардың нәтийжели жумысын шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

Жумысшы топарлар тәрепинен әмелге асырылатуғын жумыслар бойынша район (қала) ҳәкимликлери менен биргеликте «жол карталары» ислеп шығылып, Нызамшылық палатасы тәрепинен тастыйықланыўы ҳәм қатаң қадағалаўға алыныўы атап өтилди.

Бул жумысларды әмелге асырыўда тексериў емес, ал орынларда реал жағдайды терең үйренген ҳалда, жүзеге келген машқалаларды шешиў бойынша әмелий жәрдем көрсетиў усылын ислеп шығыў ҳәм енгизиў талап етилди.

Кадрлар тәмийнаты мәселесиниң шешими сыпатында Денсаўлықты сақлаў министрлиги, аймақлық ҳәкимликлер менен биргеликте медицина кадрларына болған зәрүрликти аймақлар, районлар ҳәм мәкемелер кесиминде анықлаў, 2018-жылы бакалавриат тәлим бағдарының мақсетли қабыллаў квотасын 2017-жылға салыстырғанда 20 процентке арттырыў, мақсетли магистратураны 10 процентке, клиникалық ординатура қабыллаў квотасын 15 процентке арттырыў белгиленди.

Тез медициналық жәрдем системасында дәри қураллары ушын ажырытылып атырған қаржыларды 2018-жылда кеминде еки есеге арттырыў ҳәм аймақлар кесиминде қаржыландырыў бойынша илажлар көриў тапсырылды.

Сондай-ақ, аналықты ҳәм балалықты  қорғаў бойынша комплексли илажлардың режесин ислеп шығыў, онда ҳәмиледар ҳаялларға көрсетилип атырған перинатал хызметти жетилистириў, аналар, нәрестелер ҳәм балалар өлимин азайтыў, туўма кемшиликлер ҳәм нәсилли кеселликлер менен туўылыўлардың алдын алыў, туўыў комплекслери ҳәм балалар емлеўханаларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў, заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў, ҳаял-қызлар арасында онкологиялық кеселликлердиң алдын алыў, ерте анықлаў ҳәм емлеў мақсетинде ҳаял-қызлар медициналық тексериўин толық шөлкемлестириў системасын енгизиў ўазыйпасы жүкленди.

Жеке меншик медицинаны системалы тийкарда раўажландырыўға қаратылған тапсырмалар берилди. Атап айтқанда, пайтахтымызда өз жумысын баслаған «Акфа медлайн» жеке меншик медицина мәкемелери тийкарында елимизде жеке меншик медицинаны раўажландырыў ҳәм оларға маман кадрлар таярлаў бойынша оқыў-емлеў орайын шөлкемлестириў, бул медицина орайы менен биргеликте Корея Республикасының жоқары билимлендириў медицина мәкемесин ҳәм оның аймақлық филиаллларын шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.

Бул бағдарда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәм район ҳәкимликлерине Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте халықтың аймақларға тән кеселлениў көрсеткишлеринен ҳәм зәрүрликлеринен келип шыққан ҳалда, тар бағдарларға қәнигелескен стационар шараяттағы жеке меншик медицина шөлкемлерин көбирек шөлкемлестириў тапсырылды.

ӨзА