Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманы

 

Елимизде мәмлекетлик хызметлер көрсетиў системасы избе-излик пенен жетилистирилмекте ҳәм модернизацияланбақта, ол халықтың турмыс сапасын, инвестиция ықлымын, исшеңлик орталығын жақсылаў ҳәм бизнести раўажландырыў имканиятын береди.

2003-жылдан берли исбилерменлик субъектлерин «бир айна» принципи бойынша дизимнен өткериў районлар (қалалар) ҳәкимликлери жанындағы исбилерменлик субъектлерин дизимнен өткериў инспекциялары ( кейинги орынларда Инспекциялар деп аталады) тәрепинен әмелге асырылып келинген.

2016-жыл 1-январьдан баслап Инспекциялар тийкарында Исбилерменлик субъектлерине «бир айна» принципи бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң бирден-бир орайлары (кейинги орынларда Бирден-бир орайлар деп аталады) шөлкемлестирилди.

2017-жыл 1-февральдан Бирден-бир орайлардың районлар (қалалар) ҳәкимликлери структурасынан Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлигиниң қарамағына өткерилиўи усы саланы раўажландырыў бойынша соңғы қәдем болып, вертикал басқарыўды жетилистириў, олардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириў имканиятын берди. Нәтийжеде Бирден-бир орайлар тәрепинен көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлердиң саны 33 ке шекем артты.

2017-жыл 1-апрельден баслап дизимге алыўдың тәртип-қағыйдаларын 30 минутқа шекем қысқартыў имканиятын беретуын исбилерменлик субъектлерин мәмлекетлик дизимнен өткериўдиң автоматластырылған системасының иске қосылғаны «Doing Business 2018» глобал рейтингиндеги «Бизнести дизимнен өткериў» көрсеткиши бойынша Өзбекистанның абыройын 24-орыннан 11-орынға жақсылаўға хызмет етти.

Соның менен бирге, мәмлекетлик хызметлер көрсетиў миллий системасының халықтың ҳәм исбилерменлик субъектлериниң талапларын толық қанаатландыратуғын сапа жағынан жаңа дәрежеге өтиўине айырым системалы машқалалар тосқынлық етпекте. Атап айтқанда:

бириншиден, «бир айна» принципи бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиў имканиятынан тек ғана исбилерменлик субъектлери пайдаланыўы мүмкин. Онда пуқаралар елеге шекем ҳәр қыйлы мәмлекетлик уйымларда ҳүжжетлерди рәсмийлестириў бойынша қыйын тәртип-қағыйдалардан өзлери өтиўге мәжбүр болмақта;

екиншиден, бир қатар мәмлекетлик уйымларда мәлимлеме системаларының, ресурслар менен мағлыўматлар базаларының жоқлығы, олардың ведомстволараралық интеграцияланыўының төмен дәрежеде екенлиги физикалық ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен барлық мәмлекетлик хызметлерден қолайлы ҳәм өз ўақтында пайдаланыўды тәмийинлемей атыр;

үшиншиден, көпшилик мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң тәртип-қағыйдалары қурамалы ҳәм пайдаланыў ушын қыйын болып қалмақта, баҳаны қәлиплестириў механизмлериниң ашық-айдынлығы тәмийинленбеген, айрықша жағдайларда тар ведомстволық мәплерде «монопол» хызметлер көрсетиўге талаплар белгиленбекте;

төртиншиден, мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиўдиң төмен дәрежеде екенлиги, қағаз ҳүжжетлер айланысының сақланып қалған стандартлары тийкарсыз қаржы қәрежетлерине, пуқаралардың көп ўақыт күтип қалыўына ҳәм гезеклердиң жүзеге келиўине ҳәм соның ақыбетинде, айырым жағдайларда коррупция менен бюрократлық жағдайларға алып келмекте;

бесиншиден, мәмлекетлик хызметлер көрсетиўди, соның ишинде, реал ўақыт режиминде аралықтан мониторинг етиў ҳәм жәмийетшиликтиң пикирин үйрениў арқалы қадағалаўдың және сапасын баҳалаўдың тәсиршең системасы енгизилмеген.

Жоқарыда атап өтилген факторлар халықтың мәмлекетлик хызметлерден кеңнен пайдаланыўын тәмийинлеў, оларды көрсетиўге байланыслы ўақыт ҳәм қаржы қәрежетлерин азайтыў, халықтың мәмлекетлик уйымлардың жумысынан қанаатланыў дәрежесин арттырыў имканиятын бермейди.

2017-2021-жыларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳәм Өзбекистан Республикасында Ҳәкимшилик реформалардың концепциясын әмелге асырыў, сондай-ақ, халыққа мәмлекетлик хызметлер көрсетиў миллий системасының сапа жағынан жаңа дәрежеге өтиўин тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Төмендегилер мәмлекетлик хызметлер көрсетиў миллий системасын түп-тийкарынан реформалаўдың ең әҳмийетли бағдарлары деп есаплансын:

бириншиден, мәмлекетлик хызметлер көрсетиў саласында олардың сапасын, оперативлигин, ашық-айдынлығын ҳәм пайдаланыў имканиятын түп-тийкарынан арттырыў арқалы «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек» деген уллы идеяны сөзсиз әмелге асырыў;

екиншиден, Исбилерменлик субъектлерине «бир айна» принципи бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўши бирден-бир орайларды юридикалық ҳәм физикалық шахсларға «бир айна» принципи бойынша хызметлер көрсететуғын Мәмлекетлик хызметлер орайларына өзгертиў;

үшиншиден, мәмлекетлик хызметлердиң ҳәр бир түри бойынша «Пуқаралар емес, ҳүжжетлер ҳәрекетленеди» принципине бола мәмлекетлик хызметлер көрсетиў механизмин, бәринен бурын, артықша тәртип-қағыйдаларды сапластырыў, ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер зәрүр ҳүжжжетлер менен мәлимлемелерди басқа структуралардан еркин түрде алыўы есабынан әпиўайыластырыўды нәзерде тутатуғын ҳәкимшилик регламентлерди тастыйықлаў;

төртиншиден, мәмлекетлик хызметлер көрсетиў саласына инновациялық шешимлер менен мәлимлеме-коммуникация технологияларын жедел енгизиў, мәмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа да шөлкемлердиң мағлыўматлар базаларын ведомстволараралық электрон бирге ислесиў бирден-бир системасына интеграциялаў, Өзбекистан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы мәмлекетлик хызметлер көрсетиў әмелиятын кеңейтиў;

бесиншиден, мәмлекетлик хызметлерди, соның ишинде, алыс орынларға барыў арқалы («мобиль мәмлекетлик хызметлер») көрсетиўдиң мақул, қолайлы ҳәм ашық-айдын усылларынан, усы салада бюрократия менен коррупцияның жүзеге келиўин сапластырыўға қаратылған гезекти басқарыўдың автоматластырылған системасынан ҳәм жумыслардың узайтылған графигинен пайдаланыў;

алтыншыдан, мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң сапасы менен оперативлигин мониторинг етиўдиң ҳәм баҳалаўдың алдынғы механизмлерин енгизиў, халық пенен қайта байланыстың нәтийжели системасын, соның ишинде, оператив байланысларын, рәсмий сайтларда, социаллық тармақларда ҳәм мобиль қосымшаларда он-лайн сораў-жуўапларды шөлкемлестириў;

жетиншиден, мәмлекетлик хызметлер көрсетиў саласында маман кадрларды системалы таярлаўды ҳәм қайта таярлаўды, олардың маманлығын, соның ишинде, шет еллердиң жетекши қәнигелескен мәкемелеринде стажировкадан өтиў арқалы системалы түрде арттырыўды шөлкемлестириў.

  1. Төмендегилер тийкарында Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги (кейинги орынларда Агентлик деп аталады) шөлкемлестирилсин:

38 штат бирлиги санына ийе Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлигиниң Мәмлекетлик хызметлер көрсетиўди муўапықластырыў ҳәм раўажландырыў басқармасы және оның аймақлық бөлимлери;

Исбилерменлик субъектлерине «бир айна» принципи бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиў бирден-бир орайлары.

Төмендеги қаржылардың есабынан қаржыландырыўдың әмелдеги тәртибин сақлаған ҳалда;

Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджети – Өзбекистан Республикасы Президенти аппаратының Пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиўди қадағалаў ҳәм муўапықластырыў хызметиниң 24 штат бирлиги;

Қарақалпақстан Республикасы бюджети, жергиликли бюджетлер – Өзбекистан Республикасы Президентиниң район (қала)лардағы Халық қабыллаўханаларының 157 қәниге лаўазымы штат бирлиги агентликке өткерилсин.

  1. 3. Төмендегилер Агентликтиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

физикалық ҳәм юридикалық шахсларға мәмлекетлик хызметлер көрсетиў саласында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў;

артықша ҳәкимшилик тәртип-қағыйдаларды сапластырыў, сондай-ақ, ведомстволараралық электрон бирге ислесиўди раўажландырыў есабынан мәмлекетлик хызметлер көрсетиў тәртибин жетилистириў;

Мәмлекетлик хызметлердиң бирден-бир реестирин жетилистириў, усы салада мәмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа да шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў;

мәмлекетлик хызметлер көрсетиўде пайдаланылатуғын мәлимлеме системаларын, ресурслары менен мағлыўматлар базаларын жойбарластырыўға, таярлаўға, енгизиўге ҳәм интеграциялаўға бирден-бир көз-қарасларды ислеп шығыўда қатнасыў;

мәмлекетлик хызметлер көрсетиў саласында, соның ишинде, тийисли мәлимлеме системаларын, ресурслары менен мағлыўматлар базаларын енгизиў бойынша мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң жумысын қадағалаў ҳәм нәтийжелилигин баҳалаў;

мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң инновациялық түрлери менен усылларын енгизиўди шөлкемлестириў, усы салада нызамшылықты ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў.

  1. 4. 2018-жыл 1-январьдан Исбилерменлик субъектлерине «бир айна» принципи бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң бирден-бир орайлары Өзбекистан Республикасы Президентиниң район (қала)лардағы Халық қабыллаўханалары жанында жумыс алып баратуғын Мәмлекетлик хызметлер орайларына айландырылсын, төмендегилер олардың тийкарғы ўазыйпалары сыпатында белгиленсин;

физикалық ҳәм юридикалық шахсларға «бир айна» принципи бойынша, соның ишинде, алыс орынларға шыққан ҳалда мәмлекетлик хызметлер көрсетиў;

мәмлекетлик хызметлер сервисиниң жоқары сапасын, оперативлигин, ашық-айдынлығын, қолайлылығын ҳәм пайдаланыў имканиятын тәмийинлеў, усы салада бюрократлыққа, шубалаңқылыққа ҳәм басқа да ҳәкимшилик тосқынлықларға жол қоймаў;

ведомстволараралық бирге ислесиўди, бәринен бурын, мәмлекетлик хызметлер көрсетиў ушын зәрүр ҳүжжетлер менен мәлимлемелерди оператив түрде алыўды тәмийинлейтуғын электрон бирге ислесиўди әмелге асырыў;

мәмлекетлик хызметлер көрсетиўде физикалық ҳәм юридикалық шахсларға маманлық мәлимлеме ҳәм мәсләҳәт жәрдемлерин көрсетиў;

ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен мәмлекетлик хызметлер көрсетиўде нызам ҳүжжетлерине ҳәм ҳәкимшилик регламентлердиң талапларына әмел етилиўин тәмийинлеў.

  1. 5. Төмендегилер:

Агентликтиң жумысын муўапықластырыў Өзбекистан Республикасы Президенти аппаратының Пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиўди қадағалаў ҳәм муўапықластырыў хызмети тәрепинен әмелге асырылатуғыны;

Агентликтиң аймақлық басқармаларының жумысын муўапықластырыў Өзбекистан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлардағы ҳәм Ташкент қаласындағы Халық қабыллаўханалары тәрепинен әмелге асырылатуғыны;

Мәмлекетлик хызметлер орайларының жумысын муўапықластырыў Өзбекистан Республикасы Президентиниң район (қала)лардағы Халық қабыллаўханалары тәрепинен әмелге асырылатуғыны  белгилеп қойылсын.

Агентлик ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң жумысын муўапықластырыў схемасы 1-қосымшаға муўапық мақуллансын.

  1. 6. Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлигине Агентликтиң жумысы үстинен улыўма басшылықты ҳәм қадағалаўды әмелге асырыў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм агентлик хызметкерлериниң маманлығын арттырыўды шөлкемлестириў жүкленсин.
  2. 7. Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 1-февральдағы «Исбилерменлик субъектлерине мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў механизмлерин жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-2750-санлы қарары менен шөлкемлестирилген Исбилерменлик субъектлерине мәмлекетлик хызметлер көрсетиў саласындағы жумысты муўапықластырыў бойынша республикалық комиссия сапластырылсын.

Өзбекистан Республикасы Президенти аппаратының Пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиўди қадағалаў ҳәм муўапықластырыў хызмети структурасында улыўма штат саны шеңберинде 4 штат бирлиги менен Мәмлекетлик хызметлер көрсетиўди муўапықластырыў секторы шөлкемлестирилсин.

  1. 8. Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитети Әдиллик министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте алдынғы халықаралық әмелиятты үйрениў тийкарында Өзбекистан Республикасы Президентиниң район (қала)лардағы Халық қабыллаўханалары имаратларының оларда Мәмлекетлик хызметлер орайларын орналастырыўды да нәзерде тутқан ҳалда үлги жойбарларды ислеп шықсын ҳәм көрип шығыў ушын Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери;

Өзбекистан Республикасы Президентиниң район (қала)лардағы Халық қабыллаўханларының заманагөй имаратларын тастыйықланған жойбарларға муўапық, бәринен бурын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлеринде қурыў илажларын көрсин;

жаңа имаратлар пайдаланыўға тапсырылғанға шекем Мәмлекетлик хызметлер орайларын Өзбекистан Республикасы Президентиниң район (қала)лардағы Халық қабыллаўханаларының имараталарында, зәрүр жағдайларда болса – физикалық ҳәм юридикалық шахсларға мәмлекетлик хызметлерди сапалы көрсетиў ушын зәрүр шараятларды жарата отырып, басқа да имаратларда орналастырыўды тәмийинлесин.

  1. 9. Төмендегилер:

Физикалық ҳәм юридикалық шахсларға мәмлекетлик хызметлер көрсетиў системасын буннан былай да жетилистириў бойынша комплексли илажлар (кейинги орынларда Комплексли илажлар деп аталады) 2-қосымшаға муўапық;

2018-2020-жылларда басқышпа-басқыш енгизилетуғын, «бир айна» принципи бойынша тек ғана Мәмлекетлик хызметлердиң орайлары арқалы көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлердиң дизими (кейинги орынларда Дизим деп аталады) 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң мәмлекетлик кеңесгөйи Т.А.Худайбергенов ҳәм Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Арипов тастыйықланған Компексли илажлар менен Дизимниң әмелге асырылып барылыўын ҳәр айда көрип шықсын.

Исбилерменлик субъектлерине мәмлекетлик хызметлер көрсетиў Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2015-жыл 28-сентябрьдеги «Исбилерменлик субъектлерине «бир айна» принципи бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиў тәртибин буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-2412-санлы ҳәм 2017-жыл 1-февральдағы «Исбилерменлик субъектлерине мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў механизмлерин жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-2750-санлы қарарларына муўапық Мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен әмелге асырылатуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

  1. 1 Дизимде көрсетилген жуўапкер мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер белгиленген мүддетлерде:

Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы мәмлекетлик хызметлер көрсетиў ушын зәрүр ҳүжжетлердиң ҳәм басқа да актлердиң үлги түрлерин, бланкаларын ислеп шықсын ҳәм  Әдиллик министрлиги менен келисе отырып тастыйықласын;

мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте мәмлекетлик хызметлердиң тийисли түрлерин көрсетиў бойынша, соның ишинде, басқа да мәмлекетлик уйымлардан ҳәм басқа шөлкемлерден ведомстволараралық электрон бирге ислесиў арқалы алынатуғын ҳүжжетлер менен мағлыўматларды пуқаралардан талап етиўдиң бийкар етилетуғынын нәзерде тутқан ҳалда ҳәкимшилик регламентлериниң жойбарларын ислеп шықсын.

  1. 11. Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте 2018-жыл 1-февральға шекемги мүддетте Мәмлекетлик хызметлердиң бирден-бир реестирин жетилистириўди тәмийинлесин.

2018-жыл 1-февральдан баслап мәмлекетлик хызметлер көрсететуғын мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер олардың Мәмлекетлик хызметлер бирден-бир реестиринде дизимнен өткерилиўин тәмийинлейтуғыны, 2018-жыл 1-июньнен баслап болса, усы реестрге киргизилмеген мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўге жол қойылмайтуғыны белгилеп қойылсын.

  1. 12. Өзбекистан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети Әдиллик министрлигине халықаралық ҳәм шет ел шөлкемлери менен мәмлекетлик хызметлер көрсетиў системасын жетилистириў ушын техникалық көмеклесиў қаржылары менен грантларды тартыў мәселелерин ислеп шығыўда, сондай-ақ, усы Пәрманда нәзерде тутылған басқа да илажларды әмелге асырыўға жәрдемлессин.
  2. 13. Агентлик, Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Мәмлекетлик мәлимлеме системаларын жаратыў ҳәм қоллап-қуўатлаў бойынша бирден-бир интегратор, «Өзинжиниринг» республикалық жойбарлаў институты Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги ҳәм басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте 2018-жыл 1-мартқа шекемги мүддетте Агентлик, оның аймақлық басқармалары ҳәм Мәмлекетлик хызметлер орайлары ушын зәрүр мәлимлеме системаларын, ресурсларын, мағлыўматлар базаларын, бағдарламалық өнимлерди ислеп шығыў, енгизиў ҳәм интеграциялаў және аппарат-бағдарламалық комплекслерди орнатыўдың концепциясы, техникалық-экономикалық есап-санақ ҳәм техникалық тапсырмасы таярланыўын және тастыйықлаў ушын орнатылған тәртипте киргизилиўин тәмийинлесин.

Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Мәмлекетлик мәлимлеме системаларын жаратыў ҳәм қоллап-қуўатлаў бойынша бирден-бир интегратор 2019-жыл 1-январьға шекемги мүддетте:

тастыйықланған концепция, техникалық-экономикалық есап-санақ ҳәм техникалық тапсырма тийкарында Агентлик, оның аймақлық басқармалары ҳәм мәмлекетлик хызметлер орайлары ушын мәлимлеме системалары, ресурслары, мағлыўматлар базалары, бағдарламалық өнимлердиң ислеп шығылыўын, сондай-ақ, аппарат-бағдарламалық комплекслердиң орнатылыўын тәмийинлесин;

Дизимде көрсетилген мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер менен биргеликте олардың мәлимлеме ҳәм телекоммуникация системаларын, мағлыўматлар базаларын, серверлерин ҳәм басқа да үскенелерин инвентаризациядан өткерип, соңынан оларды Агентликтиң мәлимлеме системалары менен интеграцияластырсын ҳәм ведомстволараралық электрон бирге ислесиўди енгизсин;

Агентлик пенен биргеликте оның аймақлық басқармаларын ҳәм Мәмлекетлик хызметлер орайларын зәрүр видео, аудио ҳәм басқа да үскенелер менен үскенелеўди тәмийинлесин ҳәм реал ўақыт режиминде мәмлекетлик хызметлер көрсетиў процесин аралықтан бақлаўды шөлкемлестирсин.

  1. 14. Ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа да шөлкемлердиң басшылары мәмлекетлик хызметлер көрсетиў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине сөзсиз әмел етилиўи ушын жеке жуўапкер екени туўралы қатаң ескертилсин.

Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы Әдиллик министрлиги менен биргеликте мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен мәмлекетлик хызметлер көрсетиў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине сөзсиз әмел етилиўи үстинен нызам ҳүжжетлериниң бузылыўына жол қойған айыпкер шахсларға тәсиршең шараларды көрген ҳалда системалы қадағалаўды орнатсын.

  1. 15. Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. 16. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекистан Республикасы Президентиниң мәмлекетлик кеңесгөйи Т.А.Худайбергеновқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Бас прокуроры И.Б.Абдуллаевқа жүкленсин.

 

Өзбекистан Республикасы

        Президенти                                              Ш.МИРЗИЁЕВ

 

Ташкент қаласы,

2017-жыл 12-декабрь                                             –0–

 

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Халыққа мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң миллий системасын түп-тийкарынан реформалаў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманына ТҮСИНИК

Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў системасын избе-излик пенен жетилистириў халықтың турмыс сапасын, инвестициялық ықлымды, исшеңлик орталығын жақсылаў ҳәм бизнести раўажландырыўдың ең әҳмийетли шәртлеринен бири есапланады.

Соңғы жылларда елимизде мәмлекетлик уйымлардың бул тараўдағы жумысының сапасын арттырыў, исбилерменлик субъектлерине «бир айна» принципи бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўде мақул шараятлар менен қолайлықлар жаратыўға бағдарланған комплексли илажлар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, 2017-жыл 1-февральдан Исбилерменлик субъектлерине «бир айна» принципи бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң бирден-бир орайларының районлар (қалалар) ҳәкимликлери структурасынан Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги қараўына өткерилиўи бул тараўды раўажландырыў бойынша әҳмийетли қәдем болып, вертикал басқарыўды қәлиплестириў, олардың нәтийжели жумысын шөлкемлестириў имканиятын берди. Нәтийжеде бул орайлар тәрепинен көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлердиң саны 33 ке көбейди.

2017-жыл 1-апрельден баслап дизимге алыў тәртип-қағыйдаларын 30 минутқа шекем қысқартыў имканиятын беретуғын исбилерменлик субъектлерин  мәмлекетлик дизимнен өткериўдиң автоматластырылған системасы иске түсирилгени «Doing Business 2018» глобал рейтингиндеги «Бизнести дизимнен өткериў» көрсеткиши бойынша Өзбекистанның абыройын 24-орыннан 11-орынға жақсылаўға хызмет етти.

Соның менен бирге, халық пенен ашық-айдын сөйлесиўдиң нәтийжелери және ҳуқықты қолланыў әмелиятының анализлеў мәмлекетлик хызметлер көрсетиў миллий системасының халықтың ҳәм исбилерменлик субъектлериниң талапларын толық қанаатландыратуғын сапа жағынан жаңа дәрежеге өтиўинде айырым системалы машқалалар бар екенин дәрек бермекте.

Бәринен бурын, «бир айна» принципи бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиў системасынан тек ғана исбилерменлик субъектлери пайдаланыўы мүмкин. Бунда пуқаралар елеге шекем ҳәр қыйлы мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде ҳүжжетлерди рәсмийлестириў бойынша қыйын тәртип-қағыйдалардан өзлери өтиўге мәжбүр болмақта.

Бир қатар мәмлекетлик уйымларда мәлимлеме системаларының, ресурслар ҳәм мағлыўматлар базаларының жоқ екени, сондай-ақ, олар ведомстволараралық интеграцияланыўдың төмен дәрежеде екенлиги жағдайды қыйынластырып, барлық мәмлекетлик хызметлер комплексинен қолайлы ҳәм өз ўақтында пайдаланыўды тәмийинлеў имканиятын бермей атыр.

Буннан тысқары, көпшилик мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң тәртип-қағыйдалары пуқаралар ушын қыйын және пайдаланыўға қурамалы болып қалмақта, олардың баҳаны қәлиплестириў механизмлери болса анық емес. Нәтийжеде айрықша жағдайларда тар ведомстволық мәплердиң жүзеге келиўине алып келген.

Айырым  жағдайларда пуқаралар мәмлекетлик уйымға мүрәжат етиўде тийкарсыз қаржылық қәрежетлерге дус келмекте, бәринен бурын мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиўдиң төмен дәрежеде екени, қағаз ҳүжжетлер айланысының сақланып қалған үлгилери гезеклердиң жүзеге келиўине алып келмекте.

Мәмлекетлик хызметлер көрсетиўди, соның ишинде, реал ўақыт режиминде аралықтан мониторинг етиў ҳәм жәмийетшилик пикирин үйрениў арқалы қадағалаўдың ҳәм сапасын баҳалаўдың тәсиршең системасы жоқ екени бул хызметлер саласында нызамшылықты тәмийинлеўдиң нәтийжелилигине кери тәсир етпекте.

Көрсетип өтилген машқалалар халықтың мәмлекетлик хызметлерден кеңнен пайдаланыўын тәмийинлеў, оларды көрсетиў менен байланыслы ўақыт ҳәм қаржылық қәрежетлерди азайтыў, халықтың мәмлекетлик уйымлардың жумысынан қанаатланыў дәрежесин арттырыў имканиятын бермейди.

Әне усы мүнәсибет пенен Мәмлекет басшысы тәрепинен қабыл етилген «Халыққа мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң миллий системасын түп-тийкарынан реформалаў илажлары ҳаққында»ғы Пәрман мәмлекетлик хызметлердиң сапасын, жеделлигин, ашық-айдынлығын ҳәм пайдаланыў имканиятын түп-тийкарынан арттырыў бойынша комплексли шөлкемлестириў-ҳуқықый илажларды «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уймалар халқымызға хызмет етиўи керек» деген уллы идеяны сөзсиз әмелге асыратуғын тийкарғы идеяларды белгилеп берди.

Атап айтқанда, бул тараўдағы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўға жуўапкершилик жүкленген айрықша мәмлекетлик уйым – Мәмлекетлик хызметлер агентлиги аймақлық бөлимлери менен шөлкемлестирилди. Бул әмелге асырылып атырған реформалардың сәйкеслигин ҳәм избе-излигин тәмийинлейди, мәмлекетлик хызметлерди сапалы орынлаў ушын ўәкилликли уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жуўапкершилигин арттырады, соның менен бирге, халыққа мәмлекетлик хызметлер көрсетиў саласында басқарыўды әмелге асырыўдың анық шөлкемлестириў-институционал тийкарларын қәлиплестириў тәмийинленбекте.

Енди «бир айна» приципи тек ғана исбилерменлик субъектлерине емес, ал тиккелей пуқараларға да хызмет көрсетиўге әмел етеди. Мәмлекетлик хызметкерлер менен тиккелей пикирлеспей бирге ислесиўди тәмийинлеў халыққа мәмлекетлик хызметлерди коррупция қәўписиз жеделлик пенен көрсетиў имканиятын береди, пуқаралардың күнделикли турмысын айтарлықтай дәрежеде жеңиллестиреди, бюрократия ҳәм өзибилерлик жағдайларын сапластырады.

Мәмлекетлик хызметлер көрсетиўде жақында шөлкемлестирилген өзине тән институт – Өзбекистан Республикасы Президенти Халық қабыллаўханаларының белсене қатнасыўы теңсиз ең әҳмийетли жаңалықлардан бири есапланады. Мәмлекетлик ҳәкимияттың халық пенен нәтийжели пикирлесиўин шөлкемлестириў, пуқаралардың мүрәжатларын көрип шығыўдың сапа жағынан жаңа системасын жолға қойыўда әҳмийетли роль ойнаған бул институтлар жумысының унамлы жуўмағын есапқа алған ҳалда мәмлекетлик хызметлер көрсетиў саласы олардың тиккелей муўапықластырыўында болыўы нәзерде тутылмақта.

Өз гезегинде Халық қабыллаўханалары ҳәм Мәмлекетлик хызметлер орайлары район (қала) шеңберинде бирден-бир өз-ара байланыслы жумыс алып барып, мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң нәтийжели системасын қәлиплестириў имканиятын береди.

Мәмлекетлик хызметлер орайларының жумысын нәтийжели шөлкемлестириўден тысқары, мәлимлеме алмасыў бойынша ведомстволараралық, бәринен бурын, электрон бирге ислесиўдиң тәсиршең механимзлерин енгизиў, бул тараўда жетискенликке ерисиў ушын шешиўши фактор есапланады.

Усы мүнәисбет пенен пәрманда Мәмлекетлик хызметлердиң бирден-бир реестрин шөлкемлестириў, мәмлекетлик хызметлердиң ҳәр бир түри бойынша бирден-бир ҳәкимшилик регламентлер ислеп шығыў, агентлик, оның аймақлық басқармаларын ҳәм мәмлекетлик хызметлери орайларында мәлимлеме системалары, ресурслары, мағлыўматлар базалары және бағдарламалық өнимлерди, сондай-ақ, аппарат-бағдарламалық комплекслерди енгизиў бойынша илажлар нәзерде тутылған. Бул мәмлекетлик хызметлер көрсетиў саласында «Пуқаралар емес, ҳүжжетлер ҳәрекетленеди» деген әҳмийетли принципти енгизиў имканиятын береди.

Интернет ҳәм мобиль технологиялардың жедел енгизилиўи хызметтен пайдаланыўшылар мәмлекетлик уйымларға зәрүр жағдайларда барыўы, әдеттеги жағдайларда болса хызметлер аралықтан электрон тәртипте көрсетилиўи менен байланыслы идеялардың келешекте әмелге асырылыўын тәмийинлейди.

Сондай-ақ, Пәрман ҳәм мәмлекетлик хызметлер орайларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, мәмлекетлик хызметлердиң санын, әсиресе, пуқаралар ушын басқышпа-басқыш қатаң түрде көбейтиўди есапқа алған ҳалда хызметтен пайдаланыўшыларға хызмет көрсететуғын имарат ҳәм объектлерди толық жаңалаўға зәрүрлик бар.

Усы мүнәсибет пенен  жуўапкер ведомстволарға Мәмлекетлик хызметлер орайларының жаңа көринисин ислеп шығыў тапсырылған, жергиликли ҳәкимият уйымлары болса Пәрманның талапларын есапқа алған ҳалда имаратларды басқышпа-басқыш жаңалаўды тәмийинлейди.

Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў саласында, соның ишинде денсаўлықты сақлаў, лицензиялаў, салық, бажыхана ҳәм басқа да салаларды сапасы жағынан жедел жақсылаўдың әҳмийетли механизмлерин, сондай-ақ, мәмлекетлик хызметлер бойынша мобиль қосымшаларды ислеп шығыў, хызметлерди алыс орынларға шыққан ҳалда көрсетиў, халық пенен жедел байланыслар, рәсмий веб-сайтлардағы интернет-ботлар, социаллық тармақлар жәрдеминде қайта байланыстың нәтийжели системасын шөлкемлестириўди нәзерде тутатуғын комплексли илажлар тастыйықланды.

Сондай-ақ, 2018-2020-жылларда енгизилиўине қарап Мәмлекетлик хызметлер орайларында «бир айна» принципи бойынша көрсетилетуғын 58 мәмлекетлик хызметтиң дизими тастыйықланды.

Олардың қатарында турақ жайлардың суў тәмийинаты, канализация, ыссылық тәмийнаты ҳәм басқа да инженерлик-коммуникация тармақларына жалғаныў, жеке тәртипте турақ жай қурыўды әмелге асырыўға рухсатнама, турақ жай бойынша дизимге алыў (прописка), дизимнен шығарыў ҳәм есапқа қойыў, түрли архив мағлыўматламаларын, патентлер, гүўалықлар ҳәм рәсмий ҳүжжетлердиң дубликатларын алыў сыяқлы халықтың талабы жоқары болған хызметлер бар.

Пәрман менен мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң пүткиллей жаңа шөлкемлестириў тийкарлары енгизилмекте, мәмлекет ҳәм халық өз-ара бирге ислесиўиниң заманагөй концепциясына тийкар жаратылмақта.

Халық пенен өз-ара байланыстыратуғын бирден-бир орын сыпатында Мәмлекетлик хызметлер орайлары ҳәм Халық қабыллаўханалары мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў имканиятын арттырыў, пуқаралардың ўақыт ҳәм қаржылық қәрежетлерин азайтыў, сондай-ақ, олардың мәмлекетлик уйымлардың жумысынан қанаатланыў дәрежесин арттырыўға хызмет етеди.