Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри И.Мажидовтың мәлим етиўинше, 2020-2021-оқыў жылы ушын республикалық жоқары оқыў орынларына студентлердиң оқыўын көшириў төмендеги тәртипте әмелге асырылады:

 

2020-жылдың 15-июлынан 5-августына шекем ҳүжжетлер қабыл етиледи, бунда ҳүжжетлерди онлайн түрде қабыллаў имканияты жаратылады. 6-августтан 30-августқа шекем арзалар көрип шығылып, қарар қабыл етиледи.

 

Ҳәзирги ўақыттағы карантин илажлары себепли оқыўын көшириў процеслериниң мүддетлеринде өзгерислер болған жағдайда министрликтиң рәсмий сайты (www.edu.uz) ҳәм Телеграм каналы (@eduuz) арқалы жәрияланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги