Елимизде даўам етип атырған бүгинги карантин шараятында абитуриентлердиң өз үйлеринен шықпастан, билим ҳәм көнликпелерин еле де беккемлеп барыўын тәмийинлеў мақсетинде Мәмлекетлик тест орайы ийгиликли басламаны әмелге асырды. Тест тапсырмаларының ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде дүзилген «e-Sinov» системасынан бийпул пайдаланыў бағдарламасы иске түсирилди. Бул ҳаққында бизге Мәмлекетлик тест орайы Қарақалпақстан Республикалық бөлиминиң баслығы Музаффар Абдуллаев мәлим етти.

– Буннан былай, жоқары оқыў орынларының бакалавриат тәлим бағдарларына оқыўға кириў ушын таярланып атырған абитуриентлер ҳәм қәлеўшилер «e-Sinov» системасынан ҳеш қандай төлемлерсиз пайдаланыўы,  сондай-ақ, баспадан шығарылған «Тест тапсырмалары топламы 2019» ( https://dtm.uz/page/toplam2019 ) тест тапсырмалары базасынан ҳәм бир пән бойынша дүзилген тест тапсырмаларын шешиў арқалы өз билимлерин турақлы түрде беккемлеп барыўы мүмкин, – дейди М.Абдуллаев.

Бул хызмет пайдаланыўшыларға қолайлы болыўы ушын Телеграм мессенджеринде иске түсирилген болып, @dtmxizmatbot Телеграм-боты арқалы пайдаланыў жолға қойылған.

Мәмлекетлик тест орайы Қарақалпақстан Республикалық бөлими барлық пуқараларымызға беккем денсаўлық ҳәм табыслар тилей отырып, олардан үйлеринде қалыўын ҳәм бул хызметлерден пайдаланыўын сорайды.

Хызметтен пайдаланыў көрсетпеси – https://dtm.uz/page/dtmxizmatbot.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.