Усы жылдың 25-март күни азанғы саат 06:00 ден 12:00 ге шекем Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Патруль-пост хызмети ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасының хызметкерлери Нөкис қаласында коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў илажлары даўамында карантин қағыйдаларын бузған ҳәм жәмийетлик орынларда нықапларсыз жүрген 15 пуқараны анықлады. Бул ҳаққында «Дежурная часть» каналы хабар берди.

Еслетип өтемиз, усы жылдың 25-март күнинен баслап жәмийетлик орынларда жеке қорғаныў қуралларысыз (нықапларсыз) жүрген пуқараларға  базалық есаплаў муғдарының бир есеси (223 000 сум) муғдарында жәрийма белгиленеди. Егер бул ҳәрекет тәкирар түрде әмелге асырылса базалық есаплаў муғдарының 3 есеси (669 000 сум) муғдарында жәриймаға тартылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.