Хожели районының ҳәкими Жеңис Ермашов районлық санитария-эпидемиологиялық тынышлық орайының жумыслары менен танысты.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 19-март күни коронавирус пандемиясының халықтың турмыс дәрежеси ҳәм экономика тармақларына унамсыз тәсирин жумсартыў мәселелерине бағышланып өткерилген видеоселектор мәжилисинде коронавирус пандемиясы ҳәм глобаллық кризисли қубылыслардың экономика тармақларына унамсыз тәсирин жумсартыў бойынша илажлар көриў зәрүрлигин атап өтилди. Бунда коронавирус тарқалыўының алдын алыў, емлеўханаларды дәри-дәрмақ, қорғаў ҳәм диагностика қураллары менен тәмийинлеў, карантин қәрежетлерин өз ўақтында қаржыландырыў бойынша ўазыйпалар белгилеп берди.

Бул бағдарда район аймағында айтарлықтай илажлар әмелге асырылмақта. Районлық санитария-эпидемиологиялық тынышлық орайының имараты реконструкцияланып, хызметкерлер ушын барлық шараятлар жаратылды. Орайдағы жетиспейтуғын лаборатория әсбапларына зәрүр қаржы ажыратыў бойынша тийисли тараў басшыларына қатаң тапсырма берилди.

Ең баслығысы, бүгинги шараятта халқымыз арасында жалған мағлыўматларды тарқатпаў, олар арасында қәўетерлениў жағдайларының алдын алыў, дийқан базарында, саўда орынларында баҳаның турақлылығын тәмийинлеў, солай етип, ўақытша қыйыншылықтан биргеликте шығыў илажлары бойынша үгит-нәсият жумысларын күшейтиў ўазыйпасы белгиленди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.