Наўрыз улыўмахалықлық байрамы мүнәсибети менен усы жыл 14-15-март күнлери өткерилген «Абат журт» улыўмахалықлық абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў қайырқомлық шембилигине Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының жеке қурамы да белсене қатнасты.

Шембилик даўамында ҳәр бир бажыхана посты әтирапында абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларына айрықша итибар қаратылды. Әсиресе, елимиздиң арқа дәрўазасы есапланған «Даўыт ата» шегара постында илаж көтериңкилик жағдайында алып барылды. Басшыдан қосшыға шекем бәрше бир мақсет жолында мийнет етти.

Бул жумысларда Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен дүзилген «Кеўилли жаслар» топары ағзалары бажыханашыларға жақыннан жәрдем берди. Биргеликте шегара посты әтирапына жақсы нийетлер менен саяманлы ҳәм мийўе тереги нәллери отырғызылды.  Әмелге асырылған  бундай ийгиликли ислер елимиздиң пәраўанлығын, халқымыздың аўызбиршилигин тәмийинлеўге хызмет етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.