Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў бойынша Мәмлекетлик комиссиясының 2020-жыл 28-февральдағы 13-санлы протоколы менен 2019/2020-оқыў жылының биринши ярым жылы ушын төлем-шәртнама шәртлерин орынлаў мүддети созылды, деп хабар бермекте xs.uz сайты.

Оған бола, 2019/2020-оқыў жылында:

Жоқары оқыў орынлары бакалавриат тәлим бағдарлары (күндизги, сыртқы, кешки, арнаўлы сыртқы билимлендириў түрлери)на ҳәм магистратура қәнигеликлерине төлем-контракт тийкарында студентликке усыныс етилген (соның ишинде, дифференциялластырылған төлем-контракт тийкарында оқыў тилегин билдирген) абитуриентлер;

оқыўы көширилген ҳәм қайта тикленген студентлер;

сырт ел пуқараларының оқыўы ушын төлем-контракт қаржыларының биринши ярымын өткериў ҳәм оларды студентлер қатарына қабыл етиўди рәсмийлестириўдиң соңғы мүддети 2020-жыл 20-март (сол күни де киреди) етип белгиленди.

 

 Қарақалпақстан хабар агентлиги