Өзбекистан Республикасы Конститутциясының қабыл етилгенине 25 жыл толыўы мүнәсибети менен Өзбекистан мәмлекетлик мекемелер хәм жәмийетлик хызмет көрсетиў хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық Кеңесиниң шөлкемлестириўинде Нөкис қаласында жайласқан 14 банк ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Қазнашылық басқармасы, Қарақалпақстан Республикасы мәжбүрий орынлаў бюросы, Қарақалпақстан Республикасы инкассация басқармасы хызметкерлери арасында спорттың киши футбол түри бойынша жарыс өткерилди. Жарысқа жәми 208 хызметкер қатнасып, өз-ара беллести.

Биринши ҳәм екинши басқыш нәтийжелериниң жуўмақлары  бойынша «Асака банк», «Хамкор банк», Орайлық банк, «Агро банк», Қазнашылық басқармасы, Қарақалпақстан Республикасы мәжбүрий орынлаў бюросы, Инкассация басқармасының еки командалары өз-ара беллесип, финал басқышында «Агробанк», Орайлық банк, Инкассация басқармасының еки командасы бириншилик ушын ойынға түсти.

Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыс жуўмағында жеңимпазлар анықланды. Қарақалпақстан Республикасы инкассация басқармасы хызметкерлери 1-орын, «Агробанк» Қарақалпақстан филалы хызметкерлери 2-орын, Қарақалпақстан Республикасы  Орайлық банки хызметкерлери сыйлы 3-орынды ийеледи.

Сондай-ақ, ойын жуўмағында «Ең жақсы дәрўазаман»,  «Ең жақсы ойыншы»,  «Ең көп топ урар» номинациялары  бойынша жеңимпазлар анықланып, олар шөлкемлестириўшилер тәрепинен кубок, медаль ҳәм қымбат баҳалы саўғалар және дипломлар менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги