Корея Республикасының Өзбекистан Республикасындағы елшиханасы  6-7-декабрь күнлери пайтахтымыздағы Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театрында «Корея киносы күнлери» («Korean film festival – 2017) илажын өткереди.

Корея Республикасы ҳәм Өзбекистан Республикасы арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанлығының 25 жыллығы белгиленип атырған усы қуўанышлы жылда Қарақалпақстан Республикасында «Корея киносы күнлери»ниң өткерилиўи үлкен әҳмийетке ийе.

6-7-декабрь күнлери «Пороро: кибер аралықта саяхат», «Жетинши камерадағы кәрамат» ҳәм «Тек сен» атамасындағы фильмлер қойылады.

Өзбекистан балаларына жаңа жыл алды қуўанышлары ҳәм қызықларын үлесиў мақсетинде «Пороро: кибер аралықта саяхат» мультфильми бул жылғы «Корея киносы күнлери»н ашып бериўши фильм сыпатында таңлап алынды. Бул мультфильм Кореядағы ең белгили «Пороро» сериалының кинотеатр ушын исленген үшинши толық метражлы фильми болып, халыққа көрсетилип басланған дәслепки минутлардан-ақ 160 мыңнан аслам тамашагөйлерди өзине тартып, бириншиликти қолға киргизген мультфильм болып есапланады. «Пороро» дәслепки мәрте Корея Республикасының балалар каналында 2003-жылы «Кишкене пингвин Пороро» сериалы көринисинде көрсетилип үлкен жетискенликке ериседи ҳәм Япония, Қытай, Франция сыяқлы жүзден аслам мәмлекетлерде үлкен қызығыўшылық пенен тамаша етиледи.

15 жастан үлкенлер ушын арналған «Тек сен» фильминде көзи әззи қалыңлығын емлетиў ушын бар-жоғынан кешиўге таяр боксшының муҳаббаты сәўлелендириледи. Усы фильм 2010-жылы октябрь айында өткерилген «16 – Пусан кино фестивал»ын ашып берген фильм болып, ондағы бас роллерди Кореяның атақлы актёрлары Со Ли-соп ҳәм Хан Хио-жилер атқарған.

Үшинши «Жетинши камерадағы кәрамат» фильм көрсетиле баслаған ҳәптеден-ақ мыңлап тамашагөйлерди өзине тартып, корейс халқының меҳир-муҳаббатына ерискен еди. Ислемеген жынаят ушын наҳақ қамаққа тасланған майып әкесин көриў ушын қупыя түрде қамақханаға кирген кишкене қыз ҳаққындағы эпизодлар әке ҳәм қызының арасындағы шексиз меҳир-муҳаббатты сәўлелендиреди. Усы фильм пүткил Кореяны жылатқан фильм болып есапланады.

Еслетип өтемиз, усы жыл ноябрь айында Президентимиз Шавкат Мирзиёев Корея Республикасына мәмлекетлик сапар етиў даўамында Кореяның белгили адамлары менен ушырасыў пайытында халқымызға Тангем аты менен белгили болған «Сарай гәўҳары» фильминиң бас қаҳарманы Ли Ён Э менен де гезлескен еди. Бул да өз гезегинде мәмлекетлер арасындағы дослықты беккемлейтуғыны сөзсиз. Бул илажлар еки ел арасындағы дослық қатнасықлардың буннан былай да беккемлениўине хызмет етеди, деп исенемиз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги