Соңғы ўақытларда коронавирус себепли мектеп ҳәм бақшалар жабылыўы және узақ мүддетли дем алыс берилиўи ҳаққындағы хабарлар тарқалмақта. Бундай мазмундағы хабарларға ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық агентлиги баслығының биринши орынбасары Б.Қурбонов мүнәсибет билдирип, төмендегилерди мәлим етти.

«Өзбекстанда коронавирус жоқ. Бул кеселлик республикамызға кирип келмегенлиги ушын қорқынышқа орын ҳәм ғалабалық илажларды өткериўге ҳеш қандай тосқынлық жоқ. Ғалабалық илажларды өткериў менен бирге оқыў-тәрбия жумыслары және басқа бир қанша процеслерге де бул өзиниң унамсыз тәсирин тийгизе алмайды. Бул инфекция сырттан кирип келип, халық арасында тарқала басласа ғана, халықаралық тәжирийбеге сүйене отырып, белгили бир мектеп ямаса бақшалар ҳәм сол аймақты ғана жабыў мүмкин.

Халқымыз ҳәзирги ўақытта вирус ҳаққында көп мағлыўматқа ийе екенлигин есапқа ала отырып, Қытай Халық Республикасы, Корея ҳәм басқа бир қанша инфекция тарқалған мәмлекетлерде мектеп және бақшалардың жабылыўы, зәрүр болғанда қалаларды карантинге алыўын көрип, бизде де усындай илажлар әмелге асырылады деп ойлап қалыўы мүмкин», – деп айтып өткен Б.Қурбонов.

Оның атап өтиўинше, халық арасында және мектеп ҳәм бақшаларда вирусқа қарсы гүресиў бойынша билдирилген усынысларға әмел етилсе, Өзбекстанға коронавирус кирип келмейди ҳәм тарқалмайды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.