Европа азық-аўқат қәўипсизлиги басқармасы (EFSA)ның баянатына муўапық, ҳәзирги ўақытта коронавирус «COVID-19» инфекциясы азық-аўқат арқалы адамға жуғыўы дәлилленбеген.

Басқарманың илимий хызметкери Марта Хугастың атап өтиўинше, коронавирус тарқалыўының алдынғы «SARS-CoV» (коронавирустың өткир-аўыр респираторлы синдромы) ҳәм «MERS-CoV» (коронавирустың Жақын Шығыс респираторлы синдромы) тәжирийбесинен мәлим болғанындай, вирустың дәреги ямаса жуғыўы азық-аўқат емес.

Кеселликтиң алдын алыў ҳәм қадағалаў бойынша Европа орайы (ECDC) жаңа түрдеги коронавирус адамнан адамға тийкарынан ҳаўа тамшылары арқалы (түшкириў, жөтелиў ямаса әпиўайы ғана дем алыў арқалы) жуғады. Бирақ, орай Қытайда дәслепки инфекцияның дәреги ҳайўанлар болғанын еслетип өткен.

Мағлыўмат ушын, Қытайдың жетекши эпидемиологы ҳәм эпидемияға қарсы гүресиў бойынша арнаўлы комиссияның баслығы Чжан Наньшань «COVID-19» эпидемиясы июнь айына шекем тарқалыўды даўам ететуғынлығын мәлим етти.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.