Бүгинги күнде депутатлық бул мәртебе ямаса қандай да бир жеңиллик емес, ал халыққа жақын жәрдемши болып, адамларды ойландырып атырған мәселелерди терең үйренип, оларға шешим табыўда белсенди болатуғын халық ўәкили есапланады.

Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясынан сайланған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Дүйсенбай Утамбетов Нөкис районындағы «Кердер» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Қызыл үй» аўылында өз сайлаўшылары   менен ушырасты.

Ушырасыўда депутат халық пенен жүзбе-жүз сәўбетлесип,  олардың мүрәжатларын тыңлады ҳәм машқалаларын үйренди.

Билдирилген мүрәжатлардың көпшилиги асфальт жоллардың жарамсыз ҳалға келиўи, балалар ушын спорт майданшаларын қурыў, өз исбилерменлигин баслаўға банк кредитин алыў, аўылда балалар бақшасының жоқ екенлиги сыяқлы мәселелер болды.

Айырым мәселелер өз орнында шешимин тапты. Ал, көрип шығылыўы керек болған мәселелерди тийисли шөлкемлер менен бирге үйренип шығып, орынларға депутатлық сораўнамалар жибериўге келисип алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги