Парламентте бала ҳуқықларын қорғаўды күшейтиўге байланыслы нызам жойбары көрип шығылмақта. Жойбарға муўапық, бир неше нызамларға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилиўи күтилмекте, деп жазады ӨзА.

Атап айтқанда, Шаңарақ кодексинде неке бийкар етилгеннен соң ержетпеген балалар ата-анасының қайсы бири менен жасаў мәселесин шешиўде суд баланың пикирин, жетиклик дәрежеси, жасына қарамастан оның санасының дәрежесин есапқа алыўы және баланың ең тийкарғы мәплерин нәзерде тутатуғын қарарды қабыллаўы шәрт екенлиги белгилеп қойылмақта.

Ҳәзирги ўақытта реал турмыста болса неке бийкар етилгенде дерлик 90-95 процент жағдайда бала анасының тәрбиясында қалдырылып, әкениң бала тәрбиясындағы ҳуқықлары, айырым жағдайларда баланың пикири де есапқа алынбайды.

Айырым ўақытларда ана тәрептиң минез-қулқы ҳәм имканиятлары баланы тәрбиялаўға жетпеўи мүмкин. Солай болса да, баланың қәлеўине қайшы болса да, суд тәрепинен балалар ананың тәрбиясында қалдырылып атырған жағдайлар да ушырасып турады.

Бул өзгерис усындай жағдайларда баланың да пикирлерин есапқа алыўда әҳмийетли болыўы күтилмекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.