2020-жылда Өзбекстан бойынша турақ жай шараятларын жақсылаўға мүтәжлиги болған мийнет мигрантларына көп квартиралы жайлардан 3462 турақ жай ажыратыў белгиленген.

Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң мәлим етиўинше, Президентимиздиң 2019-жыл 20-августтағы «Сырт елде ўақытша мийнет етип атырған Өзбекстан Республикасының пуқаралары ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын қорғаў кепилликлерин буннан былай да күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында быйылғы 2020-жылда Қарақалпақстан Республикасы бойынша мийнет мигрантларына улыўма 210 турақ жай ажыратыў белгиленген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.