Тил миллеттиң айнасы. Инсанлардың өз пикирлерин билдириўинде, бир-бири менен қарым-қатнас жасаўында байланыс қуралы болған тилдиң орны оғада әҳмийетли екенлиги туўралы көп сөз етилип киятырғаны белгили. Ҳәр бир миллеттиң өз тилине Ана тили, деп «Ана» сөзиниң қосылып жазылыўы да тегиннен емес, әлбетте. Демек, тилге болған итибар – Анаға, Ўатанға деген итибар, оған сүйиспеншилик ҳәм садықлық дегени.

Тилдиң өсип-раўажланыўындағы, тазалығын тәмийинлеўдеги орталық бул – биринши гезекте шаңарақ болып табылады. «Қус уяда нени көрсе, ушқанда соны ислейди» дегендей, ана ҳәййиўин тыңлап, есейе келген нәрестениң туңғыш пикирлесетуғын, оған ана тилин, туўған жер ҳаққындағы сезимлерди сиңдиретуғын инсанлары оның ата-анасы ямаса өзинен ересек туўысқанлары.

Сондай-ақ, буннан кейинги басқышларда баланың дәслепки киши жәмәәти – мектепке шекемги билимлендириў ҳәм улыўма билим бериў мектеплериниң де әҳмийети оғада жоқары.

Президентимиздиң усы жыл 30-сентябрьдеги «Мектепке шекемги билимлендириў системасын басқарыўды түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы бул тараўдағы жас-өспиримлер тәрбиясында түпкиликли бурылыс жасайтуғын бағдарламаға айланбақта.

Сөзимиз узақ созылып кетпеўи ушын биз тек ғана усы бойынша, яғный келешегимиз болған жас, өспиримлеримиздиң өз ана тилин дурыс сөйлеўинде жоқары пәт пенен раўажланып атырған ҳәзирги дәўиримизде ғалаба хабар қуралларының, соның ишинде, өзиниң кең аудиториясына ийе  телевидениениң орны және тәсир күши туўралы азы-кем пикирлесиўди мақул көрдик. Себеби, еле оқыў ҳәм жазыўдан бийхабар бақша жасындағы балаларда көбирек мультфильмлерди тамашалаўға мейиллик ямаса қызығыўшылық күшли болады.

Мәлимлеме технологиялары менен коммуникацияларының раўажланыўы, телеканаллардың санлы форматқа өтиўи республикалық ҳәм жергиликли телевидениелердиң жумысын сапа, сан ҳәм көркемлик жақтан әдеўир дәрежеде байытты. Усы көз-қарастан қарағанда «Bolajon» телеканалы ҳәзирги күни пүткил Өзбекистан, соның ишинде, Қарақалпақстанның дерлик көпшилик балаларының сүйикли каналына айланып үлгерди. Жергиликли талантлы дөретиўшилер тәрепинен шебер дубляж исленген шет ел мультфильмлери тек ғана киши жастағы балалардың емес, ал мектеп, айырым үлкен жастағы тамашагөйлердиң де дийдинен шығып атырғаны сыр емес. Сондай-ақ, телеканал бағдарламасынан орын алған ҳәр қыйлы интеллектуаллық, әсиресе, шет тилин үйрениўге арналған көрсетиўлер балалардың сана-сезиминиң өсиўинде ҳәм басқа тиллерди меңгериўинде оғада әҳмийетли. Бақшалардағы балалардың инглис тилинде сөйлесиўге ҳәрекет етип, санлар менен затлардың атамаларын емин-еркин айтып, сөйлесиўге умтылыўлары да қуўанышлы жағдай, әлбетте.

Бул бағдарда Қарақалпақстан телерадиоканалы тәрепинен де бир қанша көрсетиўлер әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, балаларға арналған ҳәр қыйлы интеллектуаллық, шет тилин үйрениў ушын көрсетиўлер орын алып, телерадиокомпания жанындағы дубляж студиясында бир қанша мультфильмлер қарақалпақ тилине аўдарма исленип, балаларымыздың нәзерине усынылмақта.

Деген менен, Қарақалпақстан телевидениесиндеги бул бағдарламалардың эфир ўақтының шекленгенлиги ме ямаса азлығы себепли ме, қулласы, кишкене тамашагөйлеримиздиң өз ана тилине аўдарылған мультфильмлерди тамашалаў имканияты қанаатланарлы дәрежеде еместей түйилмекте.

Илимпазлардың пикирлерине сүйенетуғын болсақ, ҳәр бир инсан өмири бойы алатуғын мағлыўматтың 70 процентин бес жасына шекем алады екен. Халқымызда «Баланы бастан», «Болар бала бес жасынан белгили», «Тилге итибар – елге итибар», «Тил билген – ел биледи», деген перзент тәрбиясына ҳәм тилге байланыслы ҳикметли сөзлер бар. Бирақ, тил мәселесинде дәслеп өз ана тилиңди мисли өз анаңды жақсы көргендей сүймей, оны толық меңгермей турып өзге тиллерди үйрениў қыйын. Усы көз-қарастан алып қарағанда Қарақалпақстан телерадиокомпаниясының жанынан балаларға бағышланған арнаўлы («Balajan», «Kishkentay», «Qarligash» яки «Jetkinshek» атамалары сыяқлы) телеканал шөлкемлестирилсе мақсетке муўапық, ийгиликли ислер әмелге асырылған болар еди. Бул өз гезегинде, бизиң нурлы келешегимиз болған балаларға мәмлекет тәрепинен үлкен дыққат-итибар қаратылып атырған бир пайытта  тәлим-тәрбия менен бир қатарда тилимиздиң де тазалығына, үрп-әдетлеримиздиң сақланыўына, миллетимиздиң мәрдана жасаўына ылайықлы үлес қосқан болар еди. Өйткени, балаларымызға итибар ҳәм ғамқорлық – өзимизге, халқымызға, келешегимизге итибар болып табылады.

Әдебий тилимизде дурыс, анық сөйлеп ҳәм дурыс жазыўды үгит-нәсиятлаўда  ғалаба хабар қуралларының бирден-бир таяныш тиреги болған басапасөз тараўының да орны айрықша. Себеби, халқымыз, әсиресе, өсип киятырған жас әўлад жергиликли жаңалықлар,  ҳәр қыйлы жанрдағы дөретпелер менен танысыў барысында усы тараў хызметкерлериниң қәлемине тийисли сөзлерден тәсирленип, алдағы ўақытта пайдаланыў ушын үлги алады. Бул бойынша тараў хызметкерлери тәрепинен ана тилимиздеги сөзлердиң ҳәр қыйлы формада алынып, жазылып жүргени де бар гәп. Солай екен, бурын, яғный жақын жылларға шекем жумыс алып барған, соңғылығында қандай да бир себеплерге байланыслы сапластырылған терминологиялық комитеттиң қайта шөлкемлестирилиўине мүтәжлик сезилип атырғаны да сыр емес.

Көплеген миллет ўәкиллери тынышлықта ҳәм татыўлықта өмир сүрип атырған Өзбекистан – улыўма үйимиз болып табылады. Басқа да миллетлер қатары қарақалпақ миллети ўәкиллери де Республикамыздың барлық орынларында, сондай-ақ, пайтахтымыз Ташкент қаласында жасап ҳәм мийнет етпекте. Олардың биразы халықлар дослығының жарқын үлгиси сыпатында Ташкентте түрли тиллерде шығатуғын баспасөз басылымларын өз ана тилинде оқыў имканиятына ийе. Атап айтқанда, «Овози тожик» ҳәм «Нурлы жол» атамасындағы тәжик ҳәм қазақ тилинде тарқатылатуғын газеталар бүгинги күни пүткил Өзбекистан бойлап өзиниң турақлы оқыўшыларына ийе. Усы көз-қарастан алып қаралғанда пайтахтта жасап, мийнет ислеп атырған көп санлы аўылласларымыздың да көптен айтылып жүрген ҳәм өтиниш тилеклери инабатқа алынып, Ташкент қаласынан қарақалпақ тилинде жарық көретуғын басылымның зәрүр екенлиги күндей рәўшан.

Сөзимиздиң жуўмағында билдирилген пикир-усынысларға тийисли орынлар тәрепинен итибар қаратылып, мәселениң шешилиўине тийкар жаратылады, деген үмиттемиз. Өйткени, туўған  Ана тилимиздиң ҳақыйқый жанкүйери ҳәм әжайып сөз зергери Өзбекистан Қаҳарманы, Халық шайыры Ибрайым Юсуповтың «… Сонша қатал сүргинлерде жоғалмай, Бул күнлерге жеткениңе қайылман» дегениндей, уллы бабалардан мийрас ана тилимизди сақлаў, оны келешек әўладларға пүтин бериў ҳәр биримиздиң миннетли ўазыйпамыз болып табылады.

 

Ч.ЕЛМУРАТОВ,

Қарақалпақстан хабар агентлиги