2017-жыл 30-ноябрь күни Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев жанында архитектура ҳәм қурылыс саласында әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелери бойынша Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитети басшыларының есабы тыңланды.

Елимизде экономиканың ҳәр бир тараўында кең көлемли қурылыс ҳәм дөретиўшилик жумыслары әмелге асырылмақта, қурылыс жумысларының көлеми жылдан-жылға өспекте.

Усы жылдың май айында Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитетиниң структуралық қурамы түп-тийкарынан өзгертилди ҳәм жаңа ўазыйпалар қойылды. Комитеттиң аймақлық бөлимлери қосымша штат бирликлери менен кеңейтилди. Соның ишинде, 11 аймақта «Өзқалақурылысы» ҳәм Самарқанд қаласында «Ташкентбасплан» жойбарлаў институтының филиаллары, сондай-ақ, 13  аймақта 26 жетекши жойбарлаў шөлкеми ашылды. Ташкент ҳәм Самарқанд архитектура-қурылыс институтлары және 14 қурылыс кәсип-өнер колледжи комитеттиң қарамағына өткерилди.

Қабыл етилген мақсетли мәмлекетлик бағдаламалар шеңберинде ҳәм мәмлекетимиз басшысының аймақларға сапар етиўлери даўамында берилген тапсырмаларға муўапық, орынларда бир қатар социаллық сала объектлери қурылмақта. Атап айтқанда, Президентимиздиң басламасы менен Ташкент қаласының Ислам Кәримов, Фурқат, Наўайы ҳәм Алмазар көшелериниң арасындағы аймақта «Ташщкент-сити» заманагөй халықаралық исбилерменлик орайы қурылмақта.

Усы орайда ең заманагөй жойбарлар ҳәм өзине тән архитектуралық шешимлер тийкарында турақ жайлар, офислер, бизнес орайлары, кеўилашар ҳәм дем алыў комплекслери, миллий ҳәм заманагөй усылдағы инфраструктура объектлери ҳәм басқа да имаратлар бой тиклейди.

Бул сыяқлы концепция тийкарында Самарқанд қаласында да «Самарқанд-сити» орайы қурылмақта.

Сондай-ақ, Ташкент ўәлаятының ҳәкимшилик орайы – Нурафшан қаласын улыўма жаңаша қатнас жасаў тийкарында ҳәм алдынғы шет ел архитектуралық жетискенликлерин қоллаған ҳалда қурыў белгиленген. Усы қаланың бас режеси халықаралық көлемдеги шет ел архитекторлық компаниясы тәрепинен ислеп шығылмақта.

Халықтың дем алыўы ушын қолайлы шараятлаў жаратыў ҳәм мәдений инфраструктура объектлерин раўажландырыў мақсетинде усы жылдың өткен дәўиринде бир ғана Ташкент қаласының өзинде «Экопарк», «Дослық бағы» ҳәм «Ашхабад бағы» сыяқлы дем алыў орайлары шөлкемлестирилди.

Буннан тысқары, пайтахтымызда «Өзбекистан» Миллий бағын түп-тийкарынан қайта қурыў ҳәм жаңа «Наўрыз» бағын қурыў бойынша қурылыс-дөретиўшилик жумыслары жедел алып барылмақта. Миллий бағқа тутасқан аймақта «Жазыўшылар қыябаны» қурылмақта.

Заманагөй қала қурылысы талаплары тийкарында Биринши Президентимиз Ислам Кәримовтың естелигине бағышлап Ташкент қаласында архитектуралық естелик комплекси ҳәм Самарқанд қаласындағы Ҳәзирети Қызыр комплексиниң аймағында мавзолей қурылды.

Пайтахтымыздың Шайхантоҳур районында Сузук ата мавзолейи ҳәм өнерментшилик орайы, Хастимом комплексине тутасқан аймақта Ислам цивилизациясының орайы шөлкемлестирилмекте. Мәжилисте халыққа арзан ҳәм қолайлы турақ жайлар қурыў мәселеси де көрип шығылды.

Бул бағдарда аўыл массивлеринде жаңаланған үлги жойбалар бойынша арзан турақ жайлар қурыў  бағдарламасына тийкарланып 2017-жыл 15 мың усындай турақ жай қурылмақта. Бул мақсетлер ушын 2 триллион 35 миллард сум қаржы ажыратылған.

Мәмлекетимиз басшысының аймақларға сапар етиўи даўамында берилген тапсырмаларға муўапық, аўыл халқының арзыў-нийетлери ҳәм турақ жайға болған талабынан келип шыққан ҳалда, усы жылда қосымша түрде 4 мың 610 үлги жойбардағы турақ жайлар қурылмақта. Бул ушын 574 миллиард сум ажыратылған.

Бүгинги күнге шекем 10 мың 431 арзан турақ жайлар пайдаланыўға тапсырылды. Қалған 9 мың 179 турақ жайдың қурылысы декабрь айында жуўмақланады.

Усы турақ жайлар бойынша мүтәж шаңарақларға 1 триллион 620 миллиард сумнан аслам ипотека кредитлери 15 жыл мүддетке ажыратылмақта.

Бағдарламаны әмелге асырыў нәтийжесинде 2017-жыл 19 мыңнан аслам аўыл шаңарағы қаладағыдан қалыспайтуғын ықшам ҳәм заманагөй турақ жайға ийе болады. 2018-жылда да аўыллық жерлерде жаңаланған үлги жойбарлар тийкарында дерлик 20 мың арзан турақ жай қурылады.

Өз гезегинде усы жылы қалаларда үлги жойбарлар тийкарында 7 мың 919 квартиралы 191 көп қабатлы турақ жай қурылмақта. Соның ишинде, Ташкент қаласының Сергели районында 4 мың 88 квартиралы 102 көп қабатлы арзан ҳәм қолайлы турақ жай қурылмақта. Усы квартиралар ушын турақ жайға мүтәж халық ҳәм жас шаңарақларға 20 жыл мүддетке 751 миллиард сум муғдарында жеңилликли ипотека кредитлери ажыратылмақта.

Бүгинги күнде 70 турақ жайдың қурылыс жумыслары жуўмақланды ҳәм пайдаланыўға тапсырылды. Соның ишинде, Ташкент ўәлаятының Ангрен қаласында 9 қабатлы 162 квартиралы 4 және пайтахтымыздың Сергели районында 2 мың 576 квартираға мөлшерленген 66 көп қабатлы турақ жай қурып питкерилди ҳәм шаңарақ ийелерине гилтлер тапсырылды. Қалған көп қабатлы турақ жайларды Өзбекистан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күнниң 25 жыллық байрамы қарсаңында ҳәм декабрь айының ақырына шекем пайдаланыўға тапсырыў нәзерде тутылған.

Бағдарламаны әмелге асырыў нәтийжесинде 2017-жыл 8 мыңнан аслам қала шаңарақлары заманагөй, ықшам ҳәм қолайлы квартираларға ийе болады.

Өзбекистан Республикасын Президентиниң 2017-жыл 23-октябрьдеги қарарына муўапық, 2018-2020-жылларда қалаларда арзан көп квартиралы турақ жайлар қурыў бағдарламасның жаңаланған параметрлери тастыйықланды. Оған бола, келеси жылларда қурылатуғын турақ жайлардың саны 1,5-2 есеге көбейтилген. Атап айтқанда, 2018-жыл жәми 15 мың 172 квартираға ийе болған 365 көп қабатлы турақ жай қурыў нәзерде тутылған.

Әмелге асырылған унамлы жумыслар менен бирге, Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитети системасының жумысы сынға алынды ҳәм реформаларды әмелге асырыў төмен дәрежеде алып барылып атырғаны атап өтилди.

Салаға байланыслы нормативлик ҳүжжетлер, соның ишинде, қала қурылысы қағыйдаларының ҳәм қурылыс нормаларының көпшилик бөлеги гөнерген, бурынғы аўқам дәўиринен қалып кеткен, деди мәмлекетимиз басшысы. Усы нормаларды заманагөй талапларға бейимлестириў бойынша көплеген тапсырмалар берилген болса да, бул бағдарда нәтийжеге ерисилмеген.

Жәҳән банки жәриялаған рейтингте Өзбекистан жер ажыратыў ҳәм қурылысқа руқсат алыў позициясы бойынша 135-орында болып, бул жумысларға орташа 246 күн ўақыт кетиўи де қурылыс саласында алып барылып атырған реформаларды жеделлестириў зәрүрлигине және бир айқын дәлил болып табылады.

Соның менен бирге, қалалардың бас режелерин, аўылларда архмитектура-режелестириў жойбарларын ислеп шығыў талапқа улыўма жуўап бермейди. Атап айтқанда, 2011-2018-жылларда қала қурылысы ҳүжжетлерин жаңалаў бойынша бағдарлама тек ғана 30-40 процент орынланған ямаса жәми 1 мың 200 қала ҳәм киши қалашадан тек 207 синиң (17 проценти) бас режеси бар.

Буның ақыбетинде қалалар менен районларда өз басымшалық пенен ҳәм шала жойбарлар тийкарында қурыў жағдайлары даўам етпекте. Бул болса, усы елатлы пунктлер келбетиниң бузылыўына алып келмекте, деп атап өтти Президентимиз.

Сондай-ақ, мәжилисте мәмлекетимиз басшысы тәрепинен жойбарлаў институтларының жумысы жақсы жолға қойылмағаны, бул бағдарда алдынғы шет ел тәжирийбесиниң енгизилмей атырғаны сынға алынды. Соның ишинде, қурылыс жойбарларының сапасы төмен дәрежеде, баҳасы болса, тийкарсыз түрде жоқары болып қалмақта. Өз гезегинде, имратлар менен объектлерди жойбарластырыўда экологиялық жақтан қәўипсизликти ҳәм энергияны үнемлеўди тәмийинлеў мәселелерине толық итибар қаратылмаған. Буның ақыбетинде көпшилик қурылып атырған имратлар менен объектлер бир қәлипте ҳәм көримсиз болып, елатлы пунктлердиң келбетин өзгертиўге хызмет етпей атыр.

Мәжилисте қурылыс ҳәм жойбарлаў бойынша кадарлар таярлаўдың сапасы да талапқа жуўап бермейтуғыны атап өтилди. Атап айтқанда, системадағы 500 ге жақын вакант орынлар, соның ишинде, район (қала) архитектура ҳәм қурылыс бөлимлериндеги 110 ҳәм жойбарлаў шөлкемлериндеги 200 ге шамалас вакант штатларды толықтырыўды тезлетиўи зәрүрлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, ҳәр тәреплеме потенциалға ийе болған профессионал қурылыс-жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлердиң қәлиплеспегени, олардағы бар материаллық-техникалық база, қаржы дәреклери барған сайын артып атырған қурылыс жумысларының көлемин толық қаплай алмайтуғыны айрықша атап өтилди.

Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитетине тийисли министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте қала қурылысын ҳәм қурылыс қағыйдаларын жаңалаў ҳәм ықшамластырыў бойынша бағдарлама ислеп шығыў, сондай-ақ, елатлы пунктлердиң бас режесин таярлаў ҳәм тастыйықлаў бойынша жаңа үш жыллық бағдарламаны ҳүкиметке тастыйықлаў ушын киргизиў тапсырылды.

Өзбекистан Республикасы Бас министрине тийисли министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте жер ажыратыў, қурылысты жойбарластырыўға ҳәм пайдаланыўға тапсырыў бойынша әмелдеги қағыйдаларды қысқартыў ҳәм ашық-айдын болыўын тәмийинлеў бойынша ҳүкимет қарары жойбарын ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў ўазыйпасы тапсырылды.

Қурылыс-жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлерди раўажландырыў, оларды айланыс қаржылар менен тәмийинлеў ҳәм бас жойбарлаў институтларының структуралық қурамын ҳәм кадрлардың потенциалын қайта көрип шыққан ҳалда, заманагөй архитектура талаплары тийкарында ҳәр қандай түрдеги жойбарлаў жумысларын әмелге асыра алатуғын шөлкемлерге айландырыў бойынша қосымша илажлардың комплексин ислеп шығыў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.

Мәжилисте қалалардағы көп қабатлы арзан турақ жайлар ҳәм аўыллық жерлердеги үлги жайларды сапалы қурыў ҳәм мүддетинде тапсырыў, адамлардың усы үйлерге көшип өтиўин шөлкемлестириў жумысларын жеделлестириў ўазыйпасы жүкленди.

Бас министрдиң биринши орынбасары А.Раматов, «Қишлоқ қурилиш инвест» ҳәм «Ўзшаҳар қурилиш инвест» инжиниринг компанияларының басшылары Қ.Ҳошимбеков ҳәм З.Нарзуллаев ўәлаятлардың ҳәкимлери менен биргеликте усы турақ жайлардың көрсетилген мүддетте тапсырылыўы ушын жеке жуўап беретуғыны белгилеп қойылды.

Мәжилисте қурылыс материаллары, соның ишинде, цемент, пискен гербиш, қурылыс айнасы, шағыл тас ҳәм қум сыяқлы руда емес материаллардың баҳалары артып кетиўи ҳәм оған тийкарғы себеп болған жергиликли өндирис көлеминиң ишки талап ҳәм экспорт ушын жеткиликли емеслиги нәтийжесинде алыпсатарлықтың ҳәўижге шыққаны сынға алынды. Бас министрдиң биринши орынбасары А.Раматов, «Өзқурылысматериаллары» компаниясының баслығы Б.Зариповқа жергиликли өндирисшилерди қоллап-қуўатлаў тийкарында қурылыс материалларын ислеп шығарыўды кескин арттырыў, оларды тутыныўшыларға жеткерип бериў баҳаларының өзгериўи бойынша системалы мониторинг орнатыў ҳәм сол арқалы баҳалардың тийкарсыз түрде артып кетиўиниң алдын алыў, ишки талапты толық қанаатландырыў ҳәм экспортты тәмийинлеў бойынша ҳүкимет қарарын таярлаў ҳәм тастыйықлатыў және оны әмелге асырыў ўазыйпасы жүкленди.

Додаланған барлық мәселелер бойынша жуўапкер адамларға анық тапсырмалар берилди.

ӨзА