Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 24-июльдағы 620-санлы қарары менен тастыйықланған «Сырт еллерде билим алғаны ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алыў тәртиби ҳаққында»ғы Уставтың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясында (Ташкент қаласы, Чилонзор районы, Нурхон көшеси, 21-жай) усы жылдың 16-20-декабрь күнлери тараўлар бойынша сынаў тестлери болып өтиўи жобаластырылған.

Сынаў тестлери «Ҳуқықтаныў», «Денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық тәмийнат», «Экономика», «Аўыл хожалығы, инженерлик, ислеў бериў ҳәм қурылыс» және «Муғаллимлерди таярлаў ҳәм педагогикалық илимлер» тараўлары бойынша өткериледи.

Инспекция белгиленген сынаў тестлерине өз ўақтында келмеген, сынаў тестиниң қатнасыўшылары дизиминде болмаған талабанларға сынаўларға кириўге рухсат етилмейди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.