Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын додалаў порталында Ўзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Өзбекстан Республикасында жаслар туризмин раўажландырыўға байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарарының жойбары жәрияланды.

Қарар жойбарында ишки туризмди раўажландырыў шеңберинде оқыўшы ҳәм студентлер және олардың ата-аналарының саяхатларын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде барлық улыўма орта билим бериў мектеплери, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў мәкемелеринде бес күнлик оқыў системасын енгизиў және туризм мәўсимин узайтыў мақсетинде жазғы дем алыс мүддетин қысқартыў есабынан қысқы дем алыс дәўирин узайтыў бойынша усыныс ислеп шығыў белгиленген.

Ҳүжжет тийкарында, Өзбекстанда сырт еллердеги абырайлы билимлендириў мәкемелериниң жазғы («Summer Camp») ҳәм қысқы («Winter Camp») лагерлерин шөлкемлестириў, елимиздиң дыққатқа ылайықлы қалаларына Европа, ҒМДА ҳәм узақ шығыс еллериниң жасларын бирлестиретуғын үлкен форум, конгресс, конференция ҳәм усы сыяқлы басқа илажларды өткериў де белгиленген.

Қарар жойбары менен төмендеги силтеме арқалы танысыўыңыз ҳәм пикир-усынысларыңызды билдириўиңиз мүмкин:

 

👉 https://regulation.gov.uz/uz/document/11004

 

Додалаўлар усы жылдың 25-декабрине шекем даўам етеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.