Бүгин, 8-декабрь күни пайтахтымыз Нөкис қаласындағы атшабар майданында «Аўыл хожалығы хызметкерлери күни» шеңберинде «Зүрәәт байрамы» болып өтти.

Байрам тамашалары қыз қуўыў, теңге алыў, жорға атлар жарыслары, бир, үш, бес, жети ҳәм он еки айлаўға ат шабыў және ылақ ойыны жарыслары менен даўам етти.

Он еки айлаўға ат шабыў жеңимпазы ушын Президент саўғасы – «Cobalt» автомобили қойылды.

Онда Шымбай районынан Бахыт Ибрагимовтың аты биринши болып келип, бас байраққа қойылған «Cobalt» автомобилин жеңип алды.

Оның және бир аты усы айлаўда екинши болып келгенлигин де айырықша атап өтиў керек.

Сиз төменде усы жарыслардан көринислерди тамашалаўыңыз мүмкин.

 

Ислам МАТЕКОВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Автордың түсирген фотосүўретлери.