Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасының мағлыўмат бериўинше, видеодағы көринислер 2019-жылдың 24-ноябрь күни жүз берген.

Усы күни саат 12:00 лер шамасында жол-патруль хызмети инспекторы Б.Халмуратов күнлик дислокацияға муўапық Нөкис қаласы Х.Абдамбетов көшеси бойында хызмет алып барып атырған ўақытта өзинен 200 метр узақлықта болған басқа бир жол-патруль инспекторы А.Баймуратовтан рация арқалы хабар келген. Онда мәмлекетлик номери 95 S 815 GA болған «Spark» маркалы автомобиль басқарыўшысы уялы телефоннан пайдаланып, автомобильди басқарып келгенлиги, инспектордың тоқтаў белгисине бойсынбай ҳәрекетленгени мәлим етилген. Усы хабар тийкарында инспектор Б.Халмуратов мәмлекетлик номери 95 S 815 GA болған «Spark» автомобилин тоқтатқанда, тезликти азайтып, оған инспектор жақынласқанда оның үсине қарай автомобилин ҳәрекетлендирген. Инспектор автомобильдиң капоты үстине жығылғаннан соң оны 200 метрлер шамасындағы аралыққа шекем капот үстинде сүйреп барған ҳәм тоқтаған.

Жол-патруль инспекторы мәмлекетлик номери 95 S 815 GA болған «Spark» автомобили басқарыўшысы М.Ш.ға ҳәкимшилик протокол рәсмийлестирмекши болғанында, сол жерден өтип баратырған Нөкис қаласының турғыны Ж.Б. келип, олардың ҳәрекетлерин уялы телефонының камерасына түсирип, ЖПХ инспекторының жумыс алып барыўына кесент еткен. ЖПХ инспекторы пуқара Ж.Б. менен сөйлесип турған ўақытта, «Spark» басқарыўшысы, Хожели районы турғыны М.Ш. ўақыя орнынан автомобили менен кетип қалған.

ЖПХ инспекторы Б.Халмуратовтың нәўбетшилик бөлимине берген хабарына тийкарланып алып барылған излеў жумыслары нәтийжесинде мәмлекетлик номери 95 S 815 GA болған «Spark» автомобили анықланып, ўақытша жәрийма майданшасына қойылған. Оның басқарыўшысы пуқара М.Ш.ға ҳәкимшилик протокол рәсмийлестирилген.

Ўақыядан соң ЖПХ инспекторы Б.Халмуратов қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиў орайында медициналық тексериўден өткерилген ҳәм оған «Ушиб мягких тканей поясничной области и правого бедра» диагнозы тийкарында 17740/826-санлы мағлыўматнама берилген.

Хабарда жазылыўынша, ЖПХ инспекторының жумыс алып барыўына кесент еткен пуқара Ж.Б.ның ҳәрекетлери бойынша тийисли үйрениў жумыслары алып барылмақта.

Ҳәзирги ўақытта Нөкис қалалық прокуратурасы тәрепинен жағдай бойынша тергеўге шекемги сорастырыў жумыслары жүргизилмекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.