1-декабрь — қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн.

 Биз сондай кеўли кең, биймәлел халықпыз. Жаратылысымызды аллатала жаратып берген екен, соның менен бирге қоса тил де берген. Тил бул инсанлар арасында қарым-қатнас қуралы сыпатында жүзеге келди. Ҳәр бир миллеттиң өз ана тили болады. Оны қәстерлеп сақлаў, келешек әўладқа жеткериў инсанның әдиўли миннети болып табылады.

Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигине быйыл 30 жыл толмақта. Ата-бабаларымыздан мийрас болып киятырған тилимизден дөреген маржан сөзлер арқалы қарым-қатнасты беккемлеп киятырған ана-тилимиз бизлер ушын әлбетте сүйениш, соның менен бирге үлкен мақтаныш.

Быйылғы  тил байрамының сайлаў мапазы қарсаңында белилениўи де байрамлар үстине қосылған және бир байрам десек қәтелеспеймиз. Себеби, бул күни пүткил халқымыз мәмлекетимиздиң ертеңги айдын келешеги ҳәм халқымыздың абадан турмысы жолында аянбай хызмет ететуғын талабанларды сайлайды.

Бизиң академиялық лицейимизде оқыўшы-жасларға ана-тилимиздиң келип шығыў тарийхы ҳәм оннан дурыс пайдаланыў, оның қәдир-қымбаты ҳаққында кең түрдеги түсиник жумыслары алып барылмақта. Машақатлы кәсип ийелери болған оқытыўшылар ана-тилимиздиң жәмийеттеги абырайын, қәдир-қымбатын жоқары дәрежелерге жеткериў зәрүрлигин келешек әўладқа жеткерип барыўы, оның әдиўли миннети болып есапланады.   Биз сабақ өтиў барысында оқыўшы-жасларымыздың өз ана-тилине болған сүйиспеншилик сезимин оятыўға және мәдениятлы ҳәм дурыс сөйлеўге ийтермелеўимиз лазым.

Бундай әдиўли ўазыйпаларды атқарыўда жемисли мийнет етип атырған тилши оқытыўшылардың жумыслары табыслы бола бериўин тилеймиз

Заҳира Баўетдинова,

Муҳаммед Ал-Хорезмий атындағы

Ташкент информациялық-технологиялар университети

Нөкис филиалы академиялық лицейиниң қарақалпақ тили пәни оқытыўшысы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.