Қанлыкөл районындағы 19-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде, 7-санлы «Арал» сайлаў округинен Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлығына Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал демократиялық партиясынан талабан Бибижан Аралбаева район халқы менен ушырасты.

Ушырасыўда Б.Аралбаева өзиниң сайлаўалды  платформасында белгиленген – халықтың, әсиресе, ҳаял-қызлар менен жаслардың интеллектуаллық рейтингин көтериў, жоқары оқыў орынларына қабыл етиў квоталарының санын арттырыў, жаңадан жоқары оқыў орынларын шөлкемлестириў, жаслардың кеминде 50 процентин жоқары мағлыўматлы етиўге имканият жаратыў, жас шаңарақларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, оларға жеңиллетилген кредитлер ажыратыў бойынша нызамшылықты және де жетилистириў, сондай-ақ, Бозатаў, Мойнақ, Қанлыкөл, Қоңырат ҳәм Шоманай районларында туризмниң барлық түрлерин шөлкемлестириў бағдарындағы ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде жумыс алып баратуғынлығын атап өтти.

Ушырасыўда талабанның исенимли ўәкиллери де оған исеним билдирип, сайлаўда оны қоллап-қуўатлаўға шақырды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.