Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Кегейли районлық Кеңеси тәрепинен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслерге болып өтетуғын сайлаўларға таярлық шеңберинде Кегейли районы Мәденият бөлиминде «Бирмиз. Қолды қолға беремиз!» сүрени астында үгит-нәсият илажы өткерилди.

Партияның идеяларын ҳәм мақсетлерин халық арасында кең түрде үгит-нәсиятлаў мақсетинде шөлкемлестирилген бул илажда депутатлар, партиядан депутатлыққа усынылған талабанлар, партия белсендилери, жаслар, елимизге белгили қосықшылар, спортшылар, мәденият, көркем өнер тараўы хызметкерлери қатнасты.

Илажда шығып сөйлегенлер, партияның бас мақсетлеринен бири –  парламентти ҳақыйқый мәнистеги «халық үйи»не айландырыўдан ибарат екенлигин атап өтти.

Илаж даўамында Өзбекстан тарийхында биринши мәрте ең алдынғы халықаралық стандартлар тийкарында жаңа Сайлаў кодекси қабыл етилгени атап өтилип, сайлаў нызамшылығы ҳаққындағы буклетлер тарқатылды.

Сондай-ақ, сиясатшылар, спортшылар, мәденият, көркем өнер тараўы ўәкиллери менен ушырасыўлар өткерилип, республикамыздың белгили қосықшыларының қатнасыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.