Бердақ бабаның төртинши әўлады – Жаңабай Өтесин улы

 

Бердақ шайырдың 28 жылдан берли Башқуртстанда жасап киятырған қуўлығы Жаңабай Өтесин улы елимизге бабамыздың әўлийесин зыярат етиў ушын келди.

Алдын Бозатаў районында жасап келген, Бердақ шайырдың шежире бойынша 4-әўлады болған Жаңабай аға Башқуртстанға 1991-жылларда көшип кеткен. Сол жақта узақ ўақыт тракторшы болып ислеп, «Мийнет ветераны» атағына ерискен ҳәм ҳәзирги ўақытта ҳүрметли дем алыста.

– Халқымызда «Жети атаңды билиўиң керек» деген гәп бар. Бул тегиннен емес, усы арқалы жақын-жуўықларың, туўған-туўысқанларың менен байланысты үзбей, турақлы қатнасықта болып турыў мүмкин, – дейди Жаңабай Мәмбетназаров. – Бердақ шайырдың Айтмухаммед (халық арасында Айеке деп аталған) деген баласынан Мәмбетназар атамыз туўылады.  Әкем Өтесин сол Мәмбетназардың төртинши перзенти. Ҳәзир Башқуртстанда жасап атырғаным менен «жигиттиң үш журты болады» дегениндей, Қарақалпақстанды тамырымыз терең орналасқан туўылған журтым деп есаплайман. Сол себепли усы жердеги барлық ағайин-туўғанларым менен қатнасып киятырман.

Бердақ бабаның бесинши әўлады – Расул Жаңабай улы

– Бизлер қарындасымыз екеўимиз Арал апатшылығы ақыбетинен кишкене ўақтымызда аўыр тери-венерикалық кеселликке шалынған екенбиз, – дейди Жаңабай ағаның үлкен перзенти, Бердақ бабаның бесинши әўлады Расул Өтесинов. – Ағам жумысынан мийнет дем алысына шығыўына байланыслы Қазақстан Республикасының батыс тәреплеринде туратуғын ағайинимиздиң үйине шаңарағымыз бенен қыдырып барғанбыз. Сол жақта кеселлик жазыла баслаған. Аўылға қайтқанымызда болса, жағдайымыз тағы да аўырласып кеткен. Сонда атам Өтесин батыс мәмлекетлерге барып көриўди мәсләҳәт еткен. Солай етип Башқуртстанға 1991-жылы ноябрьде көшип барғанбыз.

Бердақ бабаның әўладлары шайыр атындағы музейде

Жақында Жаңабай ағаның шаңарағында қуўанышлы ўақыя болды – Бердақ бабамыздың алтыншы әўлады Надыр дүньяға келди.

Бабаның Башқурстанда жасаўшы әўладлары тилине, динине, үрп-әдет, дәстүрлерин садық. Жаңабай ағаның қызы Сәния Өтесинова жақында Бердақ шайыр дөретиўшилиги ҳаққында диплом жумысын жазып, Башқуртстан мәмлекетлик педагогикалық институтының башқурт тили ҳәм әдебияты филологиясы факультетин табыслы тамамлап шықты.

 

 

Бердақ шайыр жасаған жерлер. Бердақ миллий музейи

 

Бердақ әўладлары шежиреси. Бердақ миллий музейи

 

Шар китап. Бердақ миллий музейи

 

Бердақ шайыр кийген шапан. Бердақ миллий музейи

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.