Қараөзек районы орайында Өзбекстан «Адолат» СДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен  «Биз коррупцияға қарсымыз!» сүрени астында митинг шөлкемлестирилди. Оған партия хызметкерлери, белсендилери, депутатлар, электорат ўәкиллери ҳәм аймақ турғынлары қатнасты.

Митингте партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығының орынбасары Р.Отарбаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп,  коррупцияға қарсы гүресиў, тек ғана тийисли мәмлекетлик уйымлар менен ҳуқық қорғаў уйымларының ўазыйпасы болып қалмай, ал, пүткил жәмийетшиликтиң миннети болыўы керек екенлиги атап өтилди.

Бул ушын коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, оны анықлаў ҳәм оның ақыбетлерин, оған мүмкиншилик жарататуғын шараятларды сапластырыўда партия тәрепинен алдағы ўақытлары алып барылатуғын жумысларда бирге ислесиўге, қоллап-қуўатлаўға шақырды.

Сондай-ақ, cайлаўалды илажы шеңберинде интерактив ойынлар, саўғалы викториналар шөлкемлестирилип, жеңимпазлар естелик саўғалары менен сыйлықланып барылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.