Бүгин, 20-ноябрь күни суйылтырылған газ жанылғысын тасыўға мөлшерленген автомобильдиң жарылыўы ақыбетинде жақын әтираптағы бир неше транспорт қураллары да жанып кетти. Бул ҳаққында Ишки ислер министрлиги жанындағы Тергеў департаменти хабар берди, деп жазады xs.uz  сайты.

Бүгин шама менен саат 03:30 ларда Самарқанд ўәлаяты Нуробод районы аймағынан өтетуғын «Самарқанд-Ғузор» А-378 автомобиль жолының 33-километринде жайласқан «Тимур ГАЗ» ЖШЖға тийисли автомашиналар туратуғын орында ҳәрекетсиз турған суйылтырылған газ жанылғысын тасыўға мөлшерленген «MAN» маркалы жүк автомашинасынан белгисиз себеплерге бола өрт келип шыққан ҳәм автомашинадағы суйылтырылған газ жанылғысы жарылған. Нәтийжеде усы автомобильлер турған орындағы суйылтырылған газ тасыў ушын мөлшерленген 2  «MAN» ҳәм 1 «ЗиЛ» маркалы автомашиналар және «DAF» ҳәм «ЗиЛ» маркалы жүк автомашиналары, сондай-ақ, «Hyundai» маркалы экскаватор жанып кеткен. Ўақыя жүз берген жерге тергеў-оператив топары, Айрықша жағдайлар министрлигиниң хызметкерлери ҳәм тез жәрдем автомашиналары тартылған. Дәслепки мағлыўматларға қарағанда автотранспорт басқарыўшыларынан биреўи дене жарақатын алған ҳәм емлеўханаға мүрәжат еткен.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги