Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги Халықаралық «Шегарасыз шыпакерлер» шөлкеми менен биргеликте антибиотикке турақлылық мәселелери бойынша халықтың хабардарлығын арттырыўға бағдарланған қоспа илажларды баслады.

– Дүнья жүзи бойлап, ноябрь айының соңғы ҳәптеси «Антибиотиклерден дурыс пайдаланыў ҳәптелиги» сыпатында белгиленеди,-дейди «Шегарасыз шыпакерлер» шөлкеминиң жәмийетлик байланыслар бойынша қәнигеси Махсет Самамбетов. – Ҳәзирги ўақытта антибиотикке турақлылық мәселелери денсаўлықты сақлаў ҳәм раўажланыў тараўларына үлкен қәўип туўдырыўшы глобал дәрежедеги машқалалардың бири. Бул машқалаға қарсы гүресиў жәмийетлик денсаўлықты сақлаў саласының жуўапкерли ўазыйпасы болып, ол барлық тараўлардың биргеликте жумыс алып барыўын талап етпекте.

Антибиотикке турақлылық мәселеси дүньяның қәлеген мүйешиндеги ҳәр қандай жастағы адамға тийисли машқала.

Сонлықтан, антибиотиклердиң турақлы түриниң тарқалмаўы ушын олардың дурыс пайдаланылыўына ерисиўимиз тийис. Егер антибиотиклер дурыс пайдаланылмаса, бактериялардың антибиотикке турақлы болыўына алып келеди. Бул жағдай бактериялардың оларды сапластырыўға арналған дәрилерге қарсы турыў қәбилетине ийе болғанда жүзеге келеди. Айырым турақлы штаммдағы бактерияларды сапластырыў оғада қыйын, ҳәттеки емлеў имканияты болмайды, нәтийжеде ол басқа адамларға жуғады. Демек, пневмония, туберкулёз, сальмонеллез сыяқлы көплеген жуқпалы кеселликлерди емлеў қыйын болады. Себеби, оларды емлеў мақсетинде қолланылған антибиотиклердиң тәсир етиў дәрежеси төмен болады.

Халық арасында антибиотикке турақлылық қаншелли дәрежеде жоқары болса, наўқаслардың емлеўханада емлениў дәўири соншелли узақ даўам етеди. Бул өз гезегинде емлениўге жумсалған шығынлардың артыўына ҳәм өлимшилик жағдайларының жоқарылаўына алып келеди.

Антибиотиклер тек ғана бактерия арқалы қоздырылған жуқпалы кеселликлерди емлеўде қолланылады. Аяз, тымаў ямаса бронхит сыяқлы дем алыў жолларының вируслы кеселликлерин антибиотиклер менен емлеўге болмайды. Әдетте, олар бир ямаса еки ҳәптеден соң өтип кетеди. Адамлар вируслы кеселликлерге қарсы антибиотиклерди қабыллағанда, олар тез арада тәўир болмайды. Соның менен бирге, олар антибиотиклерди пайдаланыў салдарынан кери тәсирлерди бастан кеширеди ҳәм антибиотикке турақлылық қәўпин пайда етеди.

Антибиотиклерден пайдаланыўдың бирден-бир дурыс жолы – оны емлеўши шыпакер тәрепинен буйырылған ўақытта қабыллаў болып есапланады. Бизлер дәриге турақлылықтың пайда болыўына қарсы гүресиўимиз шәрт. Себеби, дәрилер келешек әўладтың саламатлығы ушын хызмет етиўи тийис.

Дүнья жүзилик антибиотиклерден дурыс пайдаланыў ҳәптелигинде, «Шегарасыз шыпакерлер» шөлкеми ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги антибиотикке турақлылық мәселелери бойынша халықтың хабардарлығын арттырыўды ҳәм кең жәмийетшилик, денсаўлықты сақлаў хызметкерлери ҳәм ҳүкимет ўәкиллери арасында үйренилген тәжирийбелерди ен жайдырыўды өз алдына мақсет етти. Ҳәптелик даўамында жергиликли телевидение арқалы халықтың билимин арттырыўға бағдарланған қысқа көлемли видеоролик көрсетиледи.

Видеороликте антибиотиклерге турақлылықтың зыянлы тәсири ҳәм антибиотиклерден ҳәдден тыс пайдаланыўдан сақланыўға байланыслы мағлыўматлар берилген. Буннан тысқары, ноябрь айының 22-сәнесинде «Шегарасыз шыпакерлер» шөлкеминиң Медицина хызметкерлери топары тәрепинен усы ҳәптелик мүнәсибети менен «Антибиотиклерден дурыс пайдаланыў» атамасындағы презентация өткериў режелестирилмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.