Сайлаў нызамшылығын үгит-нәсиятлаў айлығы

Бүгинги күнде мәмлекетимиз тәрепинен ҳаял-қызлардың жәмийетимиздеги ролин күшейтиў, күнделикли турмысымызда олардың белсендилигин арттырыў бойынша нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта.

Бүгинги күнде O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен Олий Мажлис Нызамшылық палатасына, Қарақалпақстан Республикаси Жоқарғы Кеңесине ҳәм халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслерине Қарақалпақстан Республикаси бойынша 30 процентлик квотаны сақлаған ҳалда талабан ҳаял-қызлар усыныс етилди.

Ҳаял-қызлар ҳәр бир тараўдың белсендиси,  ажыралмас бир ўәкили, мийирманлық ҳәм пәклик тымсалы. Себеби, олар елимиздиң раўажланыўы ушын аўыл хожалығында, социаллық тараўларда, мектеплерде, жәмийетлик орынларда, сиясий майданларда, қулласы барлық салаларда өзиниң искерлиги ҳәм мийнетсүйгишлиги менен жемисли мийнет етпекте.

Партияның тийкарғы мақсетлеринен бири, ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин арттырыў арқалы мийирманлық ҳәм ҳәр бир салада инсаныйлық пазыйлетлерди улығлаўды үгит-нәсиятлаў болып есапланады. Бүгин биз ҳақыйқый мәнисте халық ўәкили бола алатуғын талабан ҳаял-қызлардың үлкен сиясий майданға кирип келиўи дәўир талабы екенлигин тән алыўымыз керек.

Буннан тысқары, реформаларымызда баслы орынларды ийелеген «Ҳаял-қызлар турмыстан разы болып, жасаўы керек» деген күшли турмыслық идеяның әмелге асыўы ушын да, ең дәслеп, ҳаял-қызлардың өзи белсенди болыўы оғада әҳмийетли екенлигин умытпаўымыз зәрүр.

Ж.Искендеров,

O’zLiDeP ағзасы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.