Билимлендириў, спорт ҳәм диний мәкемелерге 200 метрге шекемги аралықта жайласқан саўда объектлерине алкоголь ҳәм темеки өнимлерин сатыўға рухсат берилди. Оған шекем бул аралық 500 метрди қурайтуғын еди,  деп жазады gazeta.uz сайты.

14-ноябрь күни президент тәрепинен қол қойылған дүзетиўлер киргизиў ҳаққындағы нызам 15-ноябрьден күшке кирди.

Онда саўда объекти улыўма саўда майданы мың квадрат метрден аслам болған саўда комплекслериниң (базарлардың) ҳәм ярмарка павильонларының аймақларында жайласқан холлар буған кирмейди.

Алкоголь ҳәм темеки саўдасындағы шеклеўлерге өзгерислер киргизиў президенттиң 5-февральдағы пәрманында нәзерде тутылған еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги