Ташкент қаласында 15-ноябрь күни Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының болажақ мәсләҳәт ушырасыўына таярланыў шеңберинде Орайлық Азия мәмлекетлери сыртқы ислер министрлериниң ушырасыўы болып өтти.

Өзбекстан Республикасы, Қазақстан Республикасы, Қырғызстан Республикасы, Тәжикстан Республикасы ҳәм Түркменстан сыртқы сиясат уйымлары басшылары – Абдулазиз Комилов, Мухтар Тлеуберди, Чингиз Айдарбеков, Сирожиддин Муҳриддин ҳәм Рашид Мередов регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери ҳәм жоқары дәрежедеги ушырасыўға таярлық көриў процесин додалады.

10.JPG

7.JPG

Мәжилисте атап өтилгениндей, ҳәзирги күнде мәмлекет басшыларының сиясий ерк-ықрары нәтийжесинде Орайлық Азияда дослық, бирге ислесиў ҳәм өз-ара исенимге тийкарланған пүткиллей жаңа орталық қәлиплести.

Министрлер саўда айланысының жоқары пәтлерде өскенин, траснпорт- коммуникация системаларын раўажландырыў бағдарындағы жумыслардың жеделлескенин, региондағы мәмлекетлерди байланыстыратуғын жаңа жер үсти ҳәм ҳаўа жолларының ашылғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

8.JPG

Ташкент қаласында 29-ноябрь күни болып өтетуғын Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының мәсләҳәт ушырасыўының күн тәртиби көрип шығылды. Күн тәртибине саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў, транспорт инфраструктурасы, илимий-техникалық ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды раўажландырыў мәселелериниң киргизилиўи режелестирилмекте.

Министрлер саммиттиң жуўмақлаўшы ҳүжжетиниң жойбарын ҳәм басқа да режелестирилип атырған қарарларды да додалады.

 

ӨзА