Республикамызда ноябрь айының басынан берли 14-ноябрь – Халықаралық диабет күни, мүнәсибети менен өткерилип атырған илажларда тийкарынан усы мәселелерге итибар қаратылмақта.

Өзин-өзи басқарыў уйымларында, оқыў орынларында, мәкеме ҳәм кәрханаларда өткерилип атырған илажларда Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң жуўапкер хызметкерлери, усы саладағы тәжирийбели шыпакерлер, фармацевтика тараўының қәнигелери қатнаспақта. Усындай илажлар Әмиўдәрья районындағы 40 ҳәм 82-санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринде өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитетиниң 2019-жыл ушын мөлшерленген ис-режесиниң 2-бабы 4-бәнтинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде «14-ноябрь – Халықаралық диабет күни» мүнәсибети менен өткерилген илажларда пуқараларға, соның ишинде, ҳаял-қызларға қантлы диабет кеселлиги, оның клиникалық көриниси, профилактикасы, алдын алыў бойынша түсиник берилди. Қантлы диабет кеселлиги ҳаққында мағлыўмат беретуғын буклетлер тарқатылды.

Усы мазмундағы илажлар барлық орынларда даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.