Бүгин пайтахтымыздағы «Орайлық дийқан базары»нда Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети ҳәм Палҳәррешилер асоциациясының шөлкемлестириўинде ҳәр жылы өткерилиўи дәстүрге айланған «Пал өнимлери байрамы» басланды.

Байрам мүнәсибети менен шөлкемлестирилген ярмаркада республикамыздағы палҳәррешилик пенен шуғылланатуғын 70ке шамалас фермер хожалықлары ҳәм жеке исбилерменлер өз өнимлери менен қатнаспақта.

– Елимизде халықты сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеўге қаратылған айрықша итибар нәтийжесинде аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў жылдан-жылға көбеймекте. Солар қатарында палҳәррешилик тараўы кейинги 2-3 жыл ишинде үлкен унамлы өзгерислери менен көзге тасланбақта,-дейди Қарақалпақстан Палҳәррешилер ассоциациясының баслығы Е.Расулов. – Бүгинги күнде республикамызда мыңнан аслам палҳәррешилик пенен шуғылланатуғын фермер хожалықлары ҳәм жеке исбилерменлер бар. Олар 25500 қуты палҳәрреси семьясын сақлап атыр. Жылына орташа 500 тонна өним жетистирип турыпты.

Өткерилип атырған бүгинги байрам республикамызда жумыс алып барып атырған палҳәррешилерди бирлестириўге, өз-ара тәжирийбе алмасыўға жәрдем береди, деп ойлайман.

– Шаңарағымыз бенен 35 жылдан берли палҳәррешилик пенен шуғылланып киятырмыз,-дейди Шоманай районынан келген «Кәмилжан Жаўланбек» фермер хожалығының баслығы К.Эшматов. – Мениң хожалығымда 40 гектар егислик жер, 100 қуты палҳәрреси семьясы бар. Жылына орташа 2-3 тонна пал жетистиремиз және дийқаншылық етемиз.

Бизге берилген имканиятлардан утымлы пайдаланып, өнимдарлықты еле де көбейтиўди режелестирип атырмыз. Бүгинги илажда тәжирийбели палҳәррешилик тараўындағы кәсиплеслеримиз бенен тәжирийбе алмасып атырмыз.

Байрам және пал өнимлери ярмаркасы даўам етпекте.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

(автордың түсирген сүўретлери)