Жынаят ислери бойынша Елликқала районлық судында Беруний районлық ИИБ пробация (мийнет пенен дүзетиў) топарының усыныслары көрип шығылды.

Онда жаза мүддетин өтеп атырған 6 судланыўшыға Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 73-cтатьясына тийкарланып, жазадан мүддетинен бурын шәртли азат етиў мәселеси көрип шығылды ҳәм Беруний районлық пробация (мийнет пенен дүзетиў) топарының усыныслары қанаатландырылып, 6 судланыўшы жазадан шәртли түрде азат етилди.

Пробация (мийнет пенен дүзетиў) хызмети қысқа ўақыт ишинде еркинен айырыў менен байланыслы болмаған жазалардың нәтийжели орынланыўын тәмийинлеўде әҳмийетли структураға айланды.

Бүгинги күнде бул хызметтиң аймақлық бөлимлери, топарлары тийисли шөлкемлер менен биргеликте шәртли ҳүким етилгенлер ҳәм шәртли түрде мүддетинен бурын азат етилген шахслардың минез-қулқын бақлап барыў, оларды жәмийетке бейимлестириў, жумысқа орналастырыў ҳәм кәсипке таярлаў бойынша нәтийжели жумыс алып бармақта.

– Елимизде пробация (мийнет пенен дүзетиў) хызметиниң шөлкемлестирилгенине көп ўақыт болмаған болса да, жақсы нәтийжелерге ерисилмекте. Бүгинги суд исинде усы хызметтиң районлық топары тәрепинен берилген усыныслардың қанаатландырылыўы буның айқын мысалы бола алады, – дейди Жынаят ислери бойынша Елликқала районлық судының баслығы О.Маўленов. – Бул әлбетте, елимизде инсан ҳуқықларын қорғаў бағдарында әмелге асырылып атырған реформалардың, ҳуқық тараўындағы нызамлардың жетилистирилип атырғанының нәтийжеси болып табылады.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.