Ташкент мәлимлеме технологиялары университети Нөкис филиалында профессор-оқытыўшылар ҳәм студент жаслар арасында ҳуқықбузарлықлар менен жынаятшылықлардың, АИЖС кеселлигиниң ҳәм ерте некениң алдын алыў, жаслардың ҳуқықый саўатлылығын арттырыў мәселелерине бағышланған мәжилис болып өтти.

Илажды филиал директорының руўхый ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Р.Өтениязов алып барды.

Бул жерде тийисли қәнигелердиң баянатлары тыңланып, жаслар арасында жүз берип атырған жынаятлар, себеплери, болдырмаў илажлары, АИЖС кеселлиги машқаласы, инсан өмирине қәўпи, оның АИВдан айырмашылығы, сондай-ақ, бүгинги күнде ерте неке қурыў менен байланыслы машқалалар туўралы кеңнен түсиник берилди. Студентлердиң пикирлери тыңланды.

–  Жаслар заман, кескин өзгерислер ағымында жедел раўажланыў процесинде надурыс жолға түсип қалмаўы ушын усындай илажлар жийи-жийи өткерилип турылыўы зәрүр, – дейди филиалдың ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеминиң баслығы  Ҳ.Жақсымова. – Баянатымда атап өткенимдей, студент-жасларымыз, әсиресе, ҳаял-қызларымыз сөйлеў, кийиниў, әдеп-икрамлылық, өзин тутыў мәденияты бойынша жәмийетлик және ишки тәртип-қағыйдаларға әмел етиўи керек. Биз оқыў орнында жасларымызды қадағалап барамыз, оларды бос ўақытларда да тәлим алыў, излениўлер менен бәнт болыўы, тыянақлы жүрип-турыўы, ҳуқықларын билиўи ушын ҳәрекет етемиз. Бирақ, бул жеткиликсиз, бунда ата-аналардың, кең жәмийетшиликтиң қадағалаўы да дурыс жолға қойылыўы керек. Себеби, биз кәсиплик билим менен ҳуқықый саўатлылық, әдеп-икрамлылық,  дурыс пикирлеў үйлессе ғана жәмийет ушын жетик қәниге таярлаған боламыз. Себеби, жүз берген ҳәр бир жынаяттың, ҳуқықбузарлықтың ямаса кеўилсизликтиң артында – итибарсызлық, бийпәрўалық, саўатсызлық, тәрбиясызлық сыяқлы нәрселер турады.

Илажда қәнигелер студент жасларды қызықтырған сораўларға  жуўап берди.

М.ИГИЛИКОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы