2023-жыл 1-январьға шекем төмендегилер бажыхана төлемлеринен азат етилген:

  • нәсилли (өним) материаллар, пал ҳәррешилик тараўында қолланылатуғын инвентарьлар ҳәм үскенелер, пал ҳәррелери уяларын тасыў ушын арнаўлы транспорт қураллары ҳәм тиркемелер;
  • пал ҳәррелериниң кеселликлери ҳәм зыянкеслерине қарсы қолланылатуғын ветеринариялық дәри-дәрмақлар ҳәм препаратлар, пал ҳәррелериниң уяларын ислеп шығарыў ушын ағаш ҳәм зәрүр материаллар, пенополиуретан, оларға жәрдемши үскенелер, комплектлеўши буйымлар ҳәм аўысықлар бөлеклер, ақ мумлар ҳәм ақ мум өнимлери, деп жазады aniq.uz сайты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги