Нөкис қаласындағы Жаслар орайында ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң II Кеңес мәжилиси болып өтти.

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине 65 округқа партия тәрепинен усынылған депутатлыққа талабанлардың дизимин таныстырыў мәселеси көрип шығылды.

Кеңес мәжилисинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы, партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы С.Турманов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, быйылғы сайлаўлар алдынғы сайлаўлардан үлкен айырмашылыққа ийе екенлигин, бунда партия тәрепинен усынылып атырған талабанлардың сапасына, партия электораты саналатуғын исбилермен ҳәм фермерлер, жаслар және ҳаял-қызлардың квоталарына да айрықша итибар қаратылғанлығын атап өтти.

Быйылғы сайлаўларда Олий Мажлис Нызамшылық палатасына 8, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине 65, халық депутатлары район (қала)лық Кеңеслерине 425 округ ҳәм 622 сайлаў участкалары шөлкемлестирилип, онда 1 миллион 129 мың 767 сайлаўшының қатнасыўы күтилмекте.

– Кеңес мәжилисинде ҳәр бир округке бир депутатлыққа талабанның (44 ер ҳәм 21 ҳаял-қыз) дизими таныстырылды,-дейди ӨзЛиДеП Шымбай районлық Кеңесиниң орынлаўшы хаткери А.Байжанова. – Мәселен, Шымбай районында Олий Мажлиске 1, Жоқарғы Кеңеске 4, районлық Кеңеске 29 округ ҳәм 43 сайлаў участкалары шөлкемлестирилген болып, усы округлерге партияның имиджин, оның абырайын көтеретуғын, пидайы талабанлар усынылды.

Мәжилисте, быйылғы сайлаўларға депутатлыққа усынылғанлар елимиздиң еле де раўажланыўы ҳәм халқымыздың абаданлығы жолында халықшыл болыўға, тынбай излениўде ҳәм ҳәрекетте болыўға исеним билдирди.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.