Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Мәмлекетимизде денсаўлықты сақлаў системасын халықаралық стандартлар тийкарында раўажландырыў, тараўға байланыслы бағдарламалардың орынланыўын табыслы әмелге асырыў бағдарындағы көп жыллық жемисли мийнети, алдынғы тәжирийбе ҳәм заманагөй емлеў усылларын әмелиятқа кеңнен енгизиў, медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын арттырыў, халықтың саламатлығын исенимли қорғаў, жәмийетте саламат турмыс тәризин беккемлеў ислерине қосқан мүнәсип үлеси, жасларды ўатансүйиўшилик, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, терең билим ҳәм жоқары маманлыққа ийе қәнигелерди таярлаў жолындағы үлкен хызметлери және жәмийетлик турмыста белсене қатнасқаны ушын төмендегилер ҳүрметли атақ, орден ҳәм медальлар менен сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

«Меҳнат шуҳрати» ордени менен

Ерназарова Умитгул Кунниязовна-Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайының Қарақалпақстан филиалы санавиация бөлиминиң баслығы

II дәрежели «Соғлом авлод учун» ордени менен

Ешмуратова Замира Джалгасовна-Қоңырат районлық медицина бирлеспесиниң туўыў бөлими мийирбийкеси

«Дўстлик» ордени менен

Давлетова Жамила Жоллыбаевна-Мойнақ районлық медицина бирлеспеси баслығының емлеў ислери бойынша орынбасары

«Шуҳрат» медалы менен

Сабуров Ғайратдин Толыбаевич-Нөкис районлық көп тармақлы орайлық поликлиникасы баслығы

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 8-ноябрь