Сайлаў-2019

Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясына «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы және Өзбекстан Экологиялық партиясы депутатлыққа талабанлардың дизимин усынды.

Орайлық сайлаў комиссиясында бул партиялар басшыларының Нызамшылық палатасы депутатлығына талабанларды дизимге алыўды өтиниш етип киргизген арзасы қабыл етилди.

Сайлаў кодексине муўапық партиялар депутатлыққа талабанлардың дизимин Орайлық сайлаў комиссиясына усынады. Бул ҳаққындағы мүрәжатта сиясий партия жоқары уйымының депутатлыққа талабанларды көрсетиў ҳаққындағы қарары, сиясий партия жоқары уйымы мәжилисиниң депутатлыққа талабанларды көрсетиў ҳаққындағы протоколы, онда депутатлыққа талабанның фамилиясы, аты, әкесиниң аты, туўылған сәнеси, кәсиби, лаўазымы (шуғылланатуғын жумысының түри), жумыс ҳәм жасаў орны, партияға тийислилиги, сондай-ақ, сайлаў округиниң аты ҳәм қатар тәртиби көрсетиледи.

Сондай-ақ, депутатлыққа талабанның өз кандидатурасы, тийисли сайлаў округинен даўысқа қойылыўына разы екенлиги ҳаққындағы арзасы, депутатлыққа талабанның, егерде ол Нызамшылық палатасының депутаты етип сайланатуғын болса, ийелеп  турған лаўазымынан босаўы ҳаққындағы арзасы қосымша етиледи.

Ҳүжжетлерди усынған шахсқа Орайлық сайлаў комсииясы ҳүжжетлер қабыл етип алынған сәне ҳәм ўақыт көрсетилген мағлыўматнама береди. Орайлық сайлаў комиссиясы сиясий партиялардан депутатлыққа талабанларды дизимге алыў ушын ҳүжжетлерди қабыл етиўди дизимге алыў мүддетиниң жуўмақланыўына жети күн қалғанында жуўмақланады.

Орайлық сайлаў комиссиясы усынылған ҳүжжетлерди бес күнлик мүддет ишинде тексерип шығады ҳәм олардың усы Кодекс талапларына муўапық екенлиги ҳаққында жуўмақ береди.

Орайлық сайлаў комиссиясы дизимге алыў ушын усынылған ҳүжжетлерде анықланған муўапық емес жағдайлар ҳәм усы кодекс талапларынан шетке шығыў ҳалатлары ҳаққында тийисли сиясий партиялардың басшыларына мәлим етеди. Сиясий партия ҳүжжетлердеги анықланған муўапық емеслиги ҳәм қәтелерди еки күнлик мүддетте дүзетиўге ҳәм оларды Орайлық сайлаў комиссиясына усыныўға ҳақылы.

Еслетип өтемиз, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының усы жыл 1-ноябрь күни болып өткен VI cъездинде Олий Мажлис Нызамшылық палатасына сайлаў өткеретуғын 150 сайлаў округи бойынша талабанлар көрсетилген. Партия усы талабанларды рәсмий дизимнен өткериўди сорап Орайлық сайлаў комиссиясына арза берди.

Бул партиядан Олий Мажлис Нызамшылық палатасына көрсетилген талабанлардың 36 проценти ҳаял-қызлар. Талабанлардың 31 проценти педагоглар. Сондай-ақ,  экономистлер 31, шыпакерлер 8, ҳуқықтаныўшылар 6, журналистлер 9 процентти, талабанлардың қалған бөлегин басқа да тараў ўәкиллери қурамақта. 70 процент талабанлар 30 жастан 50 жасқа шекемги аралықта.

Өзбекстан Экологиялық партиясының усы жыл 4-ноябрь күни болып өткен II cъездинде Олий Мажлис Нызамшылық палатасына сайлаў өткеретуғын 150 сайлаў округи бойынша талабанлар көрсетилген. Партия усы талабанларды рәсмий дизимнен өткериўди сорап Орайлық сайлаў комиссиясына арза берди.

Өзбекстан Экологиялық партиясынан  Олий Мажлис Нызамшылық палатасына көрсетилген талабанлардың 37 проценти ҳаял-қызлар. Талабанлардың басым көпшилиги, яғный 29 проценти экологлар, педагоглар 24, сондай-ақ, шыпакерлер 22, экономистлер 11, ҳуқықтаныўшылар 4, талабанлардың қалған бөлегин басқа да тараў ўәкиллери қурамақта. 65 процент талабанлар 30 жастан 50 жасқа шекемги аралықта.

 

Н.АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы